Шоманай районы ҳәкими Баҳадир Янгибаев суўға шөгип баратырған жети жасар баланы қутқарып қалған Ақылбек Қалбаевтың ата-анасына «Алғыснама», өзине болса қымбат баҳалы саўғаларды тапсырды.

Ўақыя өткен жылдың 8-декабринде болған еди. Жумысы менен кетип баратырған Ақылбекке жас балалар жуўырып келип, ҳәўизде жети жасар баланың шөгип баратырғанын айтады. Ўақыя орнына тез жетип барған Ақылбек ҳақыйқаттан да жас баланың шөгип атырғанын көреди.

Ойланыўға ўақыт жоқ еди. Ақылбек тез өзин ҳәўизге таслап, баланы суўдан алып шығады ҳәм биринши жәрдем көрсетеди. Сол ўақытта қутқарылған баланың да ата-анасы жетип келеди. Бала тез емлеўханаға жатқарылып, өмири сақлап қалынады.

Жас қаҳраман райондағы «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 23-улыўма орта билимлендириў мектебиниң 9-классында ағла баҳаларға оқыйды. Сондай-ақ, жас-өспиримлердиң спорт мектебинде гүрес пенен шүғылланады. Көплеген жарысларға да қатнасқан.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы