Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында «Жаңаланып атырған Өзбекстан ушын жаңа әўлад кадрлары» темасында халықаралық конференция шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги қасындағы «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен шөлкемлестирилген конференцияда АҚШ, Уллы Британия, Германия, Канада, Япония, Австралия, Қубла Корея сыяқлы раўажланған 18 мәмлекеттен келген 300 ден аслам «Умид» қорының питкериўшилери қатнасты.

Конференцияны өткериўден мақсет, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында алып барылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелерин таллаў, келешектеги режелердиң нәтийжели орынланыўы бойынша экспертлердиң пикирин үйрениў, жәимийетти және де демократияластырыў, мәмлекетлик басқарыўды модернизациялаў, базар экономикасы принциплерине тийкарланған реформаларды қоллап-қуўатлаў мәселелерин додалаўдан ибарат болып есапланады.

Илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Шерзод Кудбиев ҳәм Абдужаббор Абдувоҳидов шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, тәбийғый, экономикалық, тарийхый ҳәм мәдений жақтан жоқары потенциалға ийе Өзбекстан инсан ресурсына бай. Бул бағдарда еле иске қосылмаған үлкен потенциал бар. Бул конференция жаңа 2020-жылдың басында шөлкемлестирилгени жаңаланып атырған Өзбекстанның раўажланыўына жаңа күш – билимли, тәжирийбели, маман кадрларды тартыўда өзине тән рәмзий мәниге ийе.

Бул конференция «Умид» қорының питкериўшилери арасында турақлы байланыс орнатыў ушын өзине тән платформа сыпатында шөлкемлестирилди. Конференцияға таярлық көриў процессинде дүньяның түрли мәмлекетлеринен 600 ден аслам адам «http://conference.eyuf.uz» сайты арқалы дизимнен өткени конференцияға қызығыўшылығының жоқары екенин және бир мәрте тастыйықлады.

Усы форматтағы сөйлесиў «Эл-юрт умиди» қорының мақсетлерине үнлес болып есапланады. Жаслардың сырт елде билим алыўы, билим ҳәм тәжирийбесин мәмлекеттиң раўажланыў жолында жумсаўы ушын да қолайлы шараят жаратады.

– Усы елдиң перзенти сыпатында Өзбекстандағы өзгерислерди турақлы бақлап бараман, – дейди конференция қатнасыўшысы, АҚШтың «АХА Group» компаниясының үлкен менеджери Аробиддин Тўрахонов. – Өзбекстанда болып атырған унамлы процесслер менде үлкен қызығыўшылық оятпақта. Мәмлекет экономикасын модернизациялаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар өз нәтийжелерин берип атырғанын атап өтиўди қәлер едим. Усы процесске мен де мүнәсип үлес қосыў тилегиндемен. Бул конференция шеңберинде өзим жумыс алып барып атырған «АХА Group» ҳәм АҚШтың және бир финанслық компаниясын Өзбекстанға алып кириў бойынша сөйлесиў алып барыў имканиятына ийе болдым.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2018-жылы «Эл-юрт умиди» қоры шөлкемлестирилди. Оған 1997-2003-жылларда жумыс алып барып атырған ҳәм 828 қәбилетли жаслардың бакалавриат, магистратура бағдарлары бойынша сырт елде билим алыўын қаржыландырған «Умид» қорының негизинде тийкар салынды. Буннан былай «Эл-юрт умиди» қоры стипендия бағдарламалары бағдары ҳәм мақсетлерге сезилерли дәрежеде кеңейген. 2018-жылы төрт түрдеги билимлендириў бағдарламасы бойынша 375 жигит-қыз сырт ел жоқары оқыў орынларына оқыўға жиберилген болса, 2019-жылы билим алыўшылардың саны 605 адамға жетти. Қордың 2020-жыл ушын мөлшерленген билимлендириў бағдарламасында 1000 студентти қамтып алыў белгиленген.

Бүгинги күнде қор питкериўшилериниң 5 и мәмлекетимизде министр лаўазымында табыслы жумыс алып барып атыр. Бул болса «Умид» ҳәм оның негизинде шөлкемлестирилген «Эл-юрт умиди» қорының бар потенциалы, соның менен бирге, иске қосылмаған үлкен имканиятына ийе екенинен дәрек береди.

– Өзбекстан әмелге асырылып атырған терең реформалар күтилген нәтийжени бериўи ушын жоқары потенциалға ийе қәнигелерге талап бар, – дейди Президенттиң кеңейсгөйи, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң директоры Ш.Кудбиев. – Мәмлекетимиз басшысының усы илажди өткериў идеясы да усы мақсетке қаратылған. Бир ўақытлары «Умид» қоры жүзлеген қәбилетли жигит-қызлардың жақты келешегине жоллама берген еди. Бүгин болса мәмлекет оларға бар потенциалын жүзеге шығарыў ушын барлық имканиятларды жаратыўға таяр.

«Умид» қоры биринши стипендиатларының 83 проценти экономика, ҳуқық ҳәм социаллық тараўлар бойынша қәнигеликке ийе. Бүгинги күнде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында даўам етип атырған реформалар шараятында мәмлекетимиз ушын бундай кадрлар үлкен әҳмийетке ийе.

Конференцияның бағдарламасына бола, қатнасыўшыларға «Жаңаланып атырған Өзбекстан – бүгинги арзыў-әрманлар, режелер ҳәм ертеңги перспективалар» темасында видеоролик корсетилди. Сырт елден келген мийманларға мәмлекетимизде жүз берип атырған терең ҳәм избе-из өзгерислер, елимизде бар имканиятлар, жаратылып атырған шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Конференцияның жалпы мәжилисинде «Умид» қорының питкериўшилери өз баянатлары менен қатнасты.

Күннин екинши ярымында конференция өз жумысын секция мәжилислеринде даўам еттирди. Сөйлесиўлер 5 бөлимде, сораў-жуўап тәризинде шөлкемлестирилди. Оларда мәмлекетти демократиялық жаңалаў ҳәм модернизациялаў, билимлендириў тараўын раўажландырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў мәселелери, мәмлекеттиң инновациялық раўажланыў стратегиясы ҳәм оның абзаллықлары, аўыл хожалығына алдынғы технологияларды енгизиў перспективалары ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди.

Конференцияның биринши күнинде, сондай-ақ, экономиканың ҳәр қыйлы тараў ҳәм тармақларына сырт ел инвестициялары, алдынғы инновациялық шешим ҳәм технологияларды тартыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы