Бул сораўға «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы жуўап берди.

1-бөлим. Қысқарып атырған ҳүжжетлер ҳәм ўәкилликлер

  1. Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етиў ушын жуўапкершилик басқарыў уйымларына жүкленди. Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша тапсырмалар ҳәм импорт контрактлери «Жойбарлар ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертизалаў орайы»нда экспертизадан өткерилмейди.
  2. 100 бас қарамал ҳәм 100 мың қус болған хожалықларда ветеринария врачы ҳәм зоотехник штаты енгизиледи.

Шарўашылық бағдарындағы хожалықлардағы ҳәм халықтың қарамағындағы сыйырлар селекция режесине тийкарланып нәсилли буғалардың туқымы менен жасалма жол арқалы нәсиллендириледи.

Район ҳәкимлери келеси жылға от-жемлик егинлерди жайластырыў режесин «Өзбекшарўанәсил» агентлигиниң аймақлық басқармалары менен келиседи.

  1. Республиканың барлық аймақларындағы көшпес мүлкке болған ҳуқықлар ҳаққындағы мағлыўматлар Реестрине тек ғана электрон тәриздеги кадастр паспорты таярланғаннан кейин нотариуслар тәрепинен электрон киргизиледи ҳәм мүлк ийесине Реестрден көширме бериледи.

4.Төмендегилер кадастр уйымларына электрон тәризде жибериледи: банклер тәрепинен турақ жайға болған мүлк ҳуқықын ҳәм ипотеканы мәмлекетлик дизимнен өткериўде турақ жайды қабыл етип алыў акти ҳәм басқа да зәрүр ҳүжжетлер;

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм риэлторлық шөлкемлер тәрепинен көшпес мүлк объектин «E-IJRO AUKSION»да сатыў ҳәм риэлторлық хызметлер көрсетиў арқалы жүзеге келген ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын зәрүр мағлыўматлар.

  1. Тут дарақларын нызамсыз кескенлиги, зыянландырғаны ямаса жоқ еткени ушын өндирилетуғын жәрийманың 50 проценти ҳуқықбузарлық жүз берген аймақта жаңа тут нәллерин егиў ушын бағдарланады.
  2. Қара металлар прокатын ислеп шығарыў ушын пайдаланылатуғын индукцион печьлер ҳәм камераларға байланыслы тийисли бажыхана жеңилликлери енгизилмейди.
  3. Аўыр ҳәм ири габаритли автомобильлердиң салмақ ҳәм көлем параметрлерин қадағалаў, олардың автомобиль жоллары бойлап ҳәрекетлениўи ушын жыйым өндириў ҳәм ҳәрекетлениўине рухсатнама бериў Автомобиль жоллары комитети (Комитет) тәрепинен әмелге асырылады.

Жол ҳәрекетин тәртипке салыўдың техникалық қураллары ҳәм олардың реконструкциялары, соның ишинде, фото- ҳәм видеожазып алыў техникалық қураллары Комитет пенен келисилген ҳалда орнатылады.

Автомобиль жолларының қатнаў бөлеклерине узынына жайласқан инженерлик коммуникациялардың жаңа тармақларын жойбарлаў ҳәм жатқарыў қадаған етиледи, олардың автомобиль жоллары менен көлденең кесилисиўи буған кирмейди.

  1. Автомобиль жолларын жойбарластырыў, қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў, сондай-ақ, жол-қурылыс жумысларын техникалық жақтан қадағалаў ушын жаңадан басланатуғын объектлер бойынша шәртнамалар тек ғана мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық өткерилетуғын таңлаў (тендер) жуўмақлары бойынша дүзиледи.

Жол-қурылыс жумыслары бойынша консалтинг хызметлери (техникалық қадағалаў) бийғәрез шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин.

Ташкент қаласының көшелерин қурыў ҳәм оңлаў бойынша буйыртпашының функцияларын сынақ тәризинде Ташкент қалалық ҳәкимлиги әмелге асырады.

  1. 2020-жыл 1-январьдан баслап, нефть битумының жолларға мөлшерленген маркаларын сатыў тараўында жумыс алып барыў ҳуқықы ушын лицензия алыў талап етилмейди.
  2. Ҳәкимликлердиң өз алдына функция ҳәм ўәкилликлери тийисли мәмлекетлик басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлерине өткериледи.

Ҳәкимликлердиң бир қатар функция ҳәм ўәкилликлери шығарып тасланады.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкмелердиң жәми 28 түрдеги ҳүжжетлерди пуқаралардан талап етиўи, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен болса олардың берилиўине жол қойылмайды.

Президент ҳәм Ҳүкимет ҳүжжетлери менен дүзилген (дизими усы қарарда келтирилген) уйымлараралық коллегиал уйымлар сапластырылады.

  1. Айырым хожалық жәмийетлери ҳәм стратегиялық әҳмийетли кәрханалар сатып алыўларды әмелге асырыўдан алдын мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталында дағаза жайластырады.
  2. Тәжирийбе-сынақ тәризинде 10 жоқары билимлендириў мәкемелери өзин-өзи қаржыландырыў системасына өтеди.
  3. Халық ушын ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суўға төменлетилген тарифлерди қолланыў нәтийжесинде көрилетуғын зыянлар Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери есабынан қапланады.

ӨзА