«2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамның орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 14 жасқа толмаған балалары болған шаңарақларға напақа, бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа, кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем және Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем муғдарлары белгиленди.

 

14 жасқа толмаған балалары болған шаңарақларға напақа, соның ишинде:

– бир балалы шаңарақларға – 131 000 сум;

– еки балалы шаңарақларға – 217 000 сум;

– үш ҳәм оннан аслам балалы шаңарақларға – 304 000 сум.

 

Бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа – 434 000 сум;

 

Кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем – 326 000 сумнан 653 000 сумға шекем;

 

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем – 434 000 сумнан 1 085 000 сумға шекем.

 

Мағлыўмат ушын, көрсетилген напақа ҳәм материаллық жәрдем муғдарлары 2020-жыл 1-февральға шекем тайынланған напақа ҳәм материаллық жәрдемди төлеўге де қолланылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.