Жол-патруль хызмети инспекторлары 2020-жылдың 1-январынан баслап «боди-камера», яғный мобиль камералар менен хызмет алып бармақта. Усы мүнәсибет пенен Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы транспорт басқарыўшылар ҳәм жол ҳәрекетиниң барлық қатнасыўшыларына мүрәжат жоллады.

Мүрәжатта жазылыўынша, буннан былай ЖПХ хызметкери Сизди тоқтатып, сәўбетке кирискенде, усы сәўбет мобиль камераға жазып алынатуғынлығын, алдағы ўақытларда нызамға қайшы ис-ҳәрекетлерди әмелге асырсаңыз, айыбыңызды дәлиллеў ушын видеожазыўдан пайдаланылыўы мүмкин.

Хызметкерлер тәрепинен пайдаланылып атырған мобиль камералар хызметкердиң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз ара сәўбетин видеоға алып, усы сәўбеттиң шын кеўилден, әлпайымлылық тийкарында болыўына, сондай-ақ, қарама-қарсылықлы, кеўилсиз жағдайлардың және коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди.

Айырым жағдайларда болса хызметкердиң ис-ҳәрекетлери үстинен арза ҳәм шағымлар болғанында, усы видеожазыўлар жағдайға анықлық киргизиўге жәрдем береди.

 

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы усы орында пуқаралар тәрепинен берилип атырған сораўларға жуўап берип, анықлық киргизип өткен:

 

– Мобиль камерадан ЖПХ хызметкериниң жол ҳәрекети қатнасыўшысы менен сәўбетин видеоға алыў ушын пайдаланылады;

– ЖПХ хызметкери транспорт басқарыўшысына оның әмелге асырған қағыйда бузыўшылығының видеокөринисин көрсетип бериўге мәжбүр емес;

– барлық хызметке бириктирилип атырған хызметкерлер мобиль камерадан пайдаланған ҳалда хызмет алып барады. ЖПХ хызметкериниң мобиль камерасыз хызмет көрсетиўине жол қойылмайды;

– Жол ҳәрекети қатнасыўшылары хызметти мобиль видеокамерасыз жүргизип атырған ЖПХ хызметкерине ҳүжжетлерди усынбаў ҳуқықына ийе.

 

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 1-декабрьдеги 975-санлы қарары менен тастыйықланған «Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз ара мүнәсибетлери және арнаўлы қурылмалардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында»ғы реже талапларына муўапық 2020-жылдың 1-январь күнинен баслап Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң барлық ЖПХ хызметкерлери хызметти мобиль камерадан пайдаланған ҳалда әмелге асырыўды баслады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.