«2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамның орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

«Ҳуқуқий ахборот» каналының мәлим етиўинше, қарар тийкарында 2020-жыл 1-февральдан баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар, напақалар және кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем муғдары 1,07 есеге көбейтиледи.

 

2020-жыл 1-февральдан баслап республика аймағында:

– мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 679 330 сум;

– пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 238 610 сум;

– жасқа байланыслы ең кем пенсиялар – айына 466 680 сум;

– балалықтан майыплығы болғанларға берилетуғын напақа – айына 466 680 сум;

– зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа – айына 286 390 сум етип белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.