USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 28 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Шавкат Мирзиёев: 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады

Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев 27-декабрь күни Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы мектепте жаслар менен ушырасыў өткерди.

Соңғы жылларда өсип киятырған әўладқа байланыслы мәмлекетлик сиясаттың ҳуқықый тийкарлары беккемленип, Жаслар мәселелери бойынша республикалық уйымлараралық кеңес дүзилди.

Өзбекстан Жаслар аўқамы дүзилип, 30-июнь Жаслар күни деп жәрияланды. Ҳәзирги ўақытта Аўқамның 7 миллион 690 мың ағзасы бар.

Орынларда 8 жас әўлад ўәкиллери ҳәкимниң орынбасарлары етип тайынланған. Жақында болып өткен сайлаўларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына 9 жигит-қыз сайланған, жергиликли кеңеслерде жеңиске ерискенлердиң дерлик 10 процентин жаслар қурайды.

– Жаслар арасында «Мен Сизиң жаныңызда турып, қол-қанат боламан!» деп көзи жанып турған, билимли, мәрт жигит-қызлардың бар екенлигине исенемен. Жетекшиликтиң, өзиниң изинен ертиўдиң ең дурыс жолы жеке өрнек ҳәм үлги болыў есапланады, – деди Президент.

Ушырасыўда жаслардың турмысындағы машқалалар, әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

Елимизде жас басшыларды таңлап алатуғын, оларға  уқыбына сәйкес лаўазымларды усыныс ететуғын нәтийжели механизм жоқ екенлиги айтып өтилди.

Глобалласыў шараятындағы қәўип-қәтерлер ҳәм идеологиялық топылыслар ҳаққында сөз болар екен, Президент ойшыл бабамыз Фитраттың «Бул дүнья гүрес майданы.

Сап дене, өткир ақыл ҳәм жақсы минез-қулық усы майданның қуралы болып есапланады», деген сөзлерин еске алды.

Жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылық, шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыў бойынша шөлкемлердиң басшыларына көрсетпелер берилди.

Бес басламаның ҳәр бир бағдарын район ҳәм қалаларда системалы әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Өткен жылы мәмлекетимизде уллы алым Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы Жас математиклердиң халықаралық олимпиадасы табыслы өткерилген еди. Мәмлекетимиз басшысы усы тәжирийбе тийкарында физика бойынша Аҳмад Фарғоний, химия пәни бойынша Абу Райхан Беруний, биология бойынша Абу Али ибн Сино, астрономия бойынша Мырза Улығбек атларындағы халықаралық пән олимпиадаларын шөлкемлестириў усынысын алға қойды.

Жаслар аўқамының негизинде Жаслар ислери агентлигин шөлкемлестириў басламасы жыйналғанлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Өсип киятырған әўладтың аудиториясына бағдарланған теле- ҳәм радиоканаллар, басылымларды бирлестирип, «Жаслар медиа холдинги»н шөлкемлестириў усынысы да билдирилди.

– Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз. 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады, – деп атап өтти Президент.

Ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде өткен ушырасыўда нәўқыран әўлад ўәкиллери өз пикир-усынысларын билдирди. Мәмлекетимиз басшысы олардың усыныслары бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Мәжилисти видеоконференция арқалы мәмлекетимиздиң барлық аймақларындағы жаслар бақлап барды.

 

ӨзА