Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, Қарақалпақстанда ҳәзирги ўақытта 725 улыўма орта билим бериў мектеби жумыс алып бармақта.

Оларда улыўма 344 042 оқыўшы билим алмақта.

Хабарда 2017-2018-оқыў жылы ҳәм 2018-2019-оқыў жылындағы көрсеткишлер де салыстырыў ушын берилген.

2017-2018-оқыў жылында Қарақалпақстанда улыўма 705 мектепте 294 136 оқыўшы билим алған болса, 2018-2019-оқыў жылында 706 улыўма орта билим бериў мектебинде 325 943 оқыўшы тәлим-тәрбия алған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.