Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 2-февральдағы ПҚ-4151-санлы қарары менен тастыйықланған «Кўнгил кўзи» жойбары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен елимиздеги көзи әззи  балалар ушын арналған барлық мектеп интернатларға «Жаңа жыл саўғасы кәрўаны» жиберилди.

Кәрўан Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы 10-санлы көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатына да жетип келди.

Усы мүнәсибет пенен мектеп-интернатында байрамға бағышланған илаж шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасының баслығы А.Бекмуратов, Қарақалпақстан халық жазыўшылары М.Нызанов, А.Әбдиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, балаларды жаңа жыл менен қутлықлады.

Мектеп-интернатына жаңа жыл саўғасы ретинде, жәми 32 атамадағы брайл әлипбесиндеги китап ҳәм аудиокитаплар,  заманагөй спорт инвентарлары, ҳәр қыйлы саз әсбаплары ҳәм ҳәр бир бала ушын арнаўлы жаңа жыл саўғалары тапсырылды.

– Бүгинги күнде мектеп-интернатымызда 80 муғаллим, 62 тәрбияшы 224 балаға тәлим-тәрбия бермекте,-дейди мектеп-интернаты директоры Ш.Қалилаев. – Агентликтиң усы акциясы бизде оқып, тәрбияланып атырған балалардың қәлбине жыллылық алып кирип, саламатлығын тиклеўге, китап оқып билимлерин арттырыўға хызмет етеди, деп исенемен.

Бизге көрсетип атырған итибары ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимизден ҳәм агентлик басшыларынан миннетдармыз.

Илажда мектеп-интернаты оқыўшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.