Саат 20:00 де республикамыздың барлық сайлаў участкаларында даўыс бериў процеси жуўмақланды.

Даўыс бериў ҳәм сайлаўға қатнасыў нәтийжелерине муўапық, «Сайлаў-2019» сиясий мапазында Өзбекстан Республикасы көлеминде Қарақалпақстан Республикасы халқы ең белсенди қатнасқанлығы (75,4%) мәлим болды.

Мағлыўмат ушын, саат 20:00 жағдайы бойынша Қарақалпақстан Республикасында дизимге алынған 995 320 сайлаўшыдан 750 471 и, яғный 75,4 % и даўыс берди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.