Бурын хабар еткенимиздей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Бас министри Синдзо Абэниң мирәт етиўине бола 17-20-декабрь күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-декабрь күни Токио қаласында Япония Императоры Нарухито менен ушырасты.

Император жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, бул сапар етиў Өзбекстан-Япония дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли ўақыя болғанын, еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шыққанын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Император Нарухитоға терең ҳүрмет билдирип, «Рейва» деп аталған жаңа дәўирде Япония үйлесимли раўажланыўда даўам етип, мәмлекеттиң абыройы ҳәм халықтың абаданлығы және де артатуғынын атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң сапары ҳүрметине Япония Императоры Нарухито тәрепинен қабыллаў мәресими өткерилди.

Айырықша атап өтиў керек, елимиз басшысының Күншығыс мәмлекетине сапары илажларға байлығы менен ажыралып турды. Шавкат Мирзиёев сапар шеңберинде дәслеп Нагоя қаласында болып, бир қатар ушырасыўлар өткерди. Дүньядағы ең абырайлы жоқары оқыў орынларының бири болған Нагоя университетине барды.

Бул жерде Президентимизге ҳүрметли доктор атағын тапсырыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти. Солай етип 18-декабрь сәнеси мәмлекетимиз ҳәм Нагоя университети тарийхына мөрленди. Өзбекстан басшысына ҳүрметли доктор атағының берилиўи мәмлекетимиз раўажланыўының келешеги, соның ишинде, илим ҳәм билимлендириў таңланғаны Япониядай раўажланған мәмлекет тәрепинен тән алынғанлығының белгиси. Екинши жағынан Шавкат Мирзиёев дүнья мәмлекетлери жетекшилериниң ишинде Нагоя университетиниң ҳүрметли докторын алған биринши Президент болды.

Мәмлекетимиз басшысының Токиодағы сөйлесиўлери де нәтийжели өтти. Бул жерде Япония бас министриниң орынбасары, қаржы министри Таро Асо, парламенттеги «Өзбекстан-Япония» дослық лигасының белсендилери ҳәм Күншығыс мәмлекетиниң жетекши компаниялары ҳәм банклериниң ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилди. Сөйлесиўлер ўақтында еки тәреплеме пайдалы көплеген қоспа жойбарлардың перспективалары додаланды.

Японияға сапар етиўдиң үшинши күни усы мәмлекет парламентиниң Ўәкиллер палатасының баслығы Тадамори Осима, Мәсләҳәтшилер палатасының президенти Акико Санто менен ушырасыўларда еки мәмлекеттиң парламентлераралық қатнасықларын және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Күншығыс мәмлекети Өзбекстанның социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған реформаларын бәрқулла қоллап-қуўатлап келмекте. Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) президенти Синичи Китаока, сондай-ақ, дүньяға белгили япониялы архитектор Тадао Андо менен ушырасыўларда мәмлекетимизде социаллық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысылды.

Японияға рәсмий сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 19-декабрь күни Токиодағы Кантэй резиденциясында болды. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Бас министри Синдзо Абэ менен еки мәмлекеттиң рәсмий делегацияларының қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан менен Япония арасындағы Стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў ҳаққындағы Биргеликтеги билдириўге, ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлерге, инвестициялық келисимлер ҳәм саўда шәртнамаларына қол қойылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Японияға рәсмий сапары жуўмақланды.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы