«Ўздонмаҳсулот» акционерлик компаниясының басламасы менен «Төрткүл дән өнимлери» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине пресс-тур шөлкемлестирилди.

Ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасыўшылары дәслеп усы жәмийет жанындағы ун цехының ашылыў салтанатына қатнасты. Онда «Ўздонмаҳсулот» акционерлик компаниясы баслығының биринши орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы Ш.Узақов, Төрткүл районының ҳәкими Я.Бабажанов, «Төрткүл дән өнимлери» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы О.Розметов жыйналғанларды жаңа цехтың ашылыўы менен қутлықлады. Улыўма баҳасы 7 миллиард сум болған цехта суткасына 60 тонна бийдай қайта исленип, сапалы ун өнимлери шығарылады. Бул жерге Түркияның «Генч тегирмон макиналари» компаниясының заманагөй, ресурс үнемлеўши ҳәм толық автоматластырылған үскенелери орнатылды. Нәтийжеде жигирмадан аслам жаңа жумыс орны жаратылды.

Буннан кейин болып баспасөз әнжуманында атап өтилгениндей, «Ўздонмаҳсулот» акционерлик компаниясы системасындағы кәрханаларда бир жылда 2 миллион 20  мың тонна ун ислеп шығарыў қуўатына ийе 52 ун цехы, 96 мың тонна ун, нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў қуўатына ийе 118 цех, 39 тонна макарон ислеп шығаратуғын 47 цех, 97 мың тонна жарма ислеп шығарыў қуўатына ийе 13 цех, 1 миллион 412 мың тонна аралас жеп ислеп шығаратуғын 48 цех жумыс алып бармақта.

Быйылғы жылы тараў кәрханалары тәрепинен 1 миллион 500  мың тонна ун, 931 мың тонна аралас жем, 56 мың тонна нан ҳәм нан өнимлери, 13 мың тонна макарон өними ҳәм 18 мың тонна жарма ислеп шығарыў режелестирилген болып, өткен 11 айы даўамында 1 миллион 354 мың тонна ун, 842 мың тонна аралас жем, 53 мың тонна нан ҳәм нан өнимлери, 12  мың тонна ҳәм 14 мың тонна жарма ислеп шығарылды.  Ислеп шығарылып атырған өним түрлерин көбейтиў, цехларды заманагөйлестириў мақсетинде кәрханаларда  турақлы түрде модернизациялаў, жаңаларын қурыў жумыслары алып барылмақта.

Компания тәрепинен 2014-2019-жыллар даўамында улыўма баҳасы 103,8 миллион долларлық 112 инвестиция жойбары әмелге асырылды, Соннан 63 жойбар иске түсирилген болса, 49 жойбар  бойынша модернизация жумыслары  алып барылды. Усы жойбарларды әмелге асырыў барысында Түркия, Россия, Германия, Украина, Қытай, Тайван ҳәм Италия мәмлекетлериниң жетекши  компаниялары менен фирмалары тәрепинен ислеп шығарылған заманагөй, ресурсүнемлеўши технологиялық үскенелер алып келинбекте. Нәтийжеде ислеп шығарыў көлеми артты, өнимниң сапасы жақсыланды. Электр энергиясы 15-20 процентке үнемленди, қосымша 1623 жаңа жумыс орны жаратылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестия бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық тараўда жәми баҳасы 16,4  миллион АҚШ долларлық 12  инвестиция жойбары әмелге асырылды.

Бундай жойбарларды еле де даўам еттириў мақсетинде 2020-2022-жыллар ушын белгиленген Инвестиция бағдарламасына баҳасы 18,5 миллион долларлық 14 инвестиция жойбары киргизилди. Соннан 12 ун ҳәм 2 аралас жем цехын толық модернизациялаў нәзерде тутылған. Бағдарламаға муўапық, 2020-жылы 5, 2021-жылы 4, 2022-жылы 5 жойбар иске түсириледи. Соның есабынан 592 мың тонна ун ҳәм 67 мың тонна аралас жем ислеп шығарыў қуўатлары модернизацияланып, 124  мың тонна ун ислеп шығаратуғын цехлар иске түсириледи. Тараў кәрханаларында 1980 ескирген үскенелер заманагөйлери менен алмастырылады.

Пресс-тур қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.