Мәмлекетимиз басшысының билимлендириў тараўын раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ҳәм илим және академиялық алмасыўларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлағаны ушын, сондай-ақ, Өзбекстанда жаңа басқышта әмелге асырылып атырған экономиканы либералластырыў ҳәм турақлы раўажланыўға ерисиў бағдарындағы реформалардың тән алыныўы сыпатында Нагоя университетиниң илимий кеңеси Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёевқа университеттиң ҳүрметли докторы атағын бериў ҳаққында қарар қабыл етти.

Университетте оның басшылығы, профессор ҳәм оқытыўшылары, студентлери ҳәм Нобель сыйлығы лауреатларының қатнасыўында мәмлекетимиз басшысына усы жоқары илимий атақты тапсырыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Мәресимде Нагоя университетиниң президенти Сейичи Мацуо шығып сөйлеп, Өзбекстан басшысы еки мәмлекет арасындағы илим тараўларындағы байланысларды раўажландырыўға үлкен итибар қаратқаны, усы қарар билимлендириў тараўындағы узақ мүддетли ҳәм перспективалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге тәреплердиң умтылысының көриниси екенин атап өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде өзбек ҳәм япон халықларын уқсас миллий ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятлар менен бирге илим және билимге, жетикликке бәрқулла умтылып жасаў сыяқлы жақсы пазыйлетлер жәмленип туратуғынын атап өтти. Заманагөй дүньяда инсан капиталы, интеллектуаллық потенциал, инновациялық идеялар, жоқары технологиялар жедел ҳәм турақлы раўажланыўдың фундаменталлық тийкарын қурайтуғының атап өтти.

– Бул атақты, бәринен бурын Өзбекстан халқына көрсетилген ҳүрметтиң көриниси, деп қабыл етемен ҳәм буның ушын Нагоя Университетиниң басшылығына, оның илимий топарына терең миннетдаршылық билдиремен, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим тараўларындағы кең көлемли реформалар ҳаққында айтты.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан – Япония бирге ислесиўинде үлкен жумыслар әмелге асырылғанын атап өтип, ҳәзирги ўақытта бул бағдарда иске қосылмаған имканиятлар да бар екенлигин атап өтти ҳәм бир қатар усынысларды алға қойды. Бул бағдардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мақсетинде илимий-академиялық алмасыўлар ҳәм технологиялардың трансфери бойынша Өзбекстан-Япония қоспа фондын шөлкемлестириўди усыныс етти.

Усы фонд илимий изертлеўлерди, еки мәмлекет жас илимпазларының биргеликтеги илимий изленислерин қаржыландырыў, студент ҳәм профессор-оқытыўшылардың алмасыўы бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыўға хызмет етеди.

Президентимиз Өзбекстан – Япония әзелий дослығының нышаны сыпатында мәмлекетимизде өзбек ҳәм япон тиллеринде басып шығарылған бир қанша китап ҳәм альбомларды Нагоя университетиниң китапханасына саўға етти.

ӨзА