Бул хаққында Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм Орайлық банк ўәкиллериниң қатнасыўында болып өткен «Физикалық шахслардың есап бетине қойылып атырған қадаған етиў мәселелери» темасындағы брифингте Бюроның баслығы Ш.Ҳайдаров мәлим етти.
Бүгинги күнде МОБ Орайлық банк ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте физикалық шахслардың пластикалық карточкаларына қадаған етиў ҳәм блоктан шығарыў мәселелерин және де жетилистириў ушын илажлар ислеп шығылып атырғанлығы мәлим етилди. Бүнда автоматластырылған электрон платформа жолға қойылып, қарыздарлықты сапластырғаннан соң, электрон тәризде шешиледи, пуқаралар түрли инстанция, кәрханалар ҳәм шөлкемлерге мүрәжат етип ҳәлек болмаўы тәмийинленеди.
Өзбекстан Республикасынан шет елге шығып атырғанда, ҳалықаралық аэропорт ҳәм темир жол вокзалларында пуқаралардың қарыздарлығы хаққындағы мағлыўматқа ийе болған ўақытта оны сол жерде сапластырыў имканиятлары жаратылмақта. Яғный қарыздар инсан, шегараның өзинде орнатылған кассаларда яки мобил телефон арқалы қарызын төлегеннен соң, биймәлел өз мәнзилине қарай жол алыўы мүмкин. Мәселен бурынлары түрли себеплерге бола қарызлар кесиринен шегарадан шетке шығыў қыйыншылық тўдыратуғын еди. Коммунал хизметлеринен 100-200 мың сумлық қарыздарлық та, пуқаралардың шет елге шығыўына рухсат етилмеўине себеп болып, МОБ «Справка»сыз яки қадаған етиў шешилмегенинен әуўерегершилик жағдайларын келтирип шығаратуғын еди.
Сондай-ақ, банк мәкемелери менен қарыздарлықтың банктеги сақланып атырған қаржыларды қарыздарлығы ушын тең салмақлы түрде шешип алыў бойынша усыныс реже ислеп шығарылып, әмелиятқа енгизиледи. Яғный қарыздардың 50 мың сумлық қарызы себепли, пластикалық картасындағы барлық қаржыларға ийелик етиўге бәнт қойылмайды.
Баспасөз әнжуманында, Мәжбүрий орынлаў бюросы баспасөз хаткери Фаррух Тошпўлатов; mib.uz сайтына ҳәр бир пуқара паспорт мағлыўматларын жазып, өзиниң қарыздарлығы хаққындағы мағлыўматты алыў мүмкиншилигине ийе екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, МOБ хызметкерлери тәрепинен жол қойылып атырған бир қатар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм басқа да қарама-қарсылықлы мәселелерге анықлық киргизиў мақсетинде Бюроның 1107 қысқа санлы исеним телефоны иске түсирилген.
Шухрат Нъематов, ӨзА