Сайлаў – 2019

Санаўлы күнлерден кейин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли кеңеслерге сайлаўлар болып өтеди.

Бул сайлаўларда халқымыздың белсене қатнасыўын тәмийинлеў,     сондай-ақ, сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Әдиллик министрлиги сайлаўға шақырады» акциясы шөлкемлестирилди.

Әдиллик министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, усы акция шеңберинде Қарақалпақстан телеканалы менен биргеликте халқымыздың сайлаўлардан қай дәрежеде хабардар екенлигин билиў мақсетинде социаллық сораўлар өткерилди. Оның нәтийжесинде пуқараларымыздың басым көпшилиги өзиниң сиясий ҳуқықларынан пайдаланып, сайлаўларда қатнасатуғынлығын билдирди.

Деген менен, сырт елден жақында келген айырым пуқаралардың еле сайлаўлардан хабардар емес екенлиги де анықланды. Бул пуқараларымызға  сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықлары ҳаққында қәнигелер тәрепинен түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, пуқараларымызға бийпул ҳуқықый мәсләҳәт беретуғын “huquqiy_axborot” каналы  ҳәм “advice.uz” ҳуқықый мәлимлеме порталынан пайдаланыў бойынша усыныслар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.