Сайлаў – 2019

Төрткүл районында Өзбекстан «Адолат» СДПдан Олий Мажлис Нызамшылық палатасына талабан Қ.Қодиров ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан У.Аллабергеновалардың сайлаўшылар менен ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўда талабанлардың исенимли ўәкиллери олардың өмир жолы ҳәм алға қойған мақсетлери туўралы мағлыўмат берди.

Усындай ушырасыў Шымбай районында да болып өтти.

Онда партия тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан етип көрсетилген Б.Диланов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Р.Серимбетова ҳәм Шымбай районлық Кеңесине талабан Г.Дилимбетовалар шығып сөйлеп, өзлериниң сайлаўалды бағдарламалары менен таныстырды.

Өткерилген илажларда партияның тийкарғы мақсети – әдалатлы жәмийет қурыў екенлиги атап өтилди.

Қатнасыўшылар олардың алға қойған ўазыйпалары бойынша пикир-усыныслар билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.