Халықаралық баспасөз орайында 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оны ашық-айдынлық  принциплерине әмел еткен ҳалда шөлкемлескенлик пенен өткериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.

Илажда Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары М.Истамов ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары С.Ортиқова сайлаў процесине байланыслы әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берди.

Усы жылы қабыл етилген жаңа Сайлаў кодексиниң 57-статьясына муўапық 12-декабрь күни мүддетинен бурын даўыс бериў басланғаны мәлим етилди.

Атап өтилгениндей, мүддетинен бурын даўыс бериў процесиниң биринши күнинде 10 мың 260 сайлаў участкасында 1036 сайлаўшы даўыс берген. Мүддетинен бурын даўыс бериў бойынша Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ферғана ўәлаятларында ең жоқары көрсеткиш (159 сайлаўшы) есапқа алынған болса, ең аз көрсеткиш Самарқанд ўәлаятында (10 сайлаўшы) есапқа алынған.

Мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилхана ҳәм консуллық уйымларында дүзилген 55 сайлаў участкасында да мүддетинен бурын даўыс бериў процеси басланған.

Сырт елдеги участкалық сайлаў комиссиялары 12-декабрьде Өзбекстан пуқаралары тығыз жасайтуғын аймақларда көшпели сайлаўлар шөлкемелестирилди. Даўыс бериў процесинде сырт еллердеги 9 мың 308 Өзбекстан пуқарасы қатнасты. Мүддетинен бурын даўыс бериў процеси 18-декабрь саат 18:00 ге шекем даўам етеди.

Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары усы күнге шекем сайлаўшылардан ҳәр қыйлы мазмундағы 338 мүрәжат келип түскенин билдирди. Мүрәжатлардың ең көби Сурхандәрья ўәлаяты, ең азы болса Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Жиззақ ўәлаятының үлесине туўра келеди. 86 пуқара орынларда өтиўи белгиленген сайлаўларға нызамсыз араласыў жағдайлары бақланғаны ҳаққында хабар берген. Мүрәжатлар арасында талабанлардың сайлаўалды бағдарламалары, сондай-ақ, ҳәр қыйлы социаллық, суд-ҳуқық тараўларына байланыслы мәселелер бойынша сораўлар көп ушырасады. Әҳмийетли тәрепи сонда, ўатанласларымыз сайлаў нызамшылығын жетилистириўге байланыслы өз усынысларын да билдирген.

Орайлық сайлаў комиссиясының ўәкили тәрепинен ҒМДА бақлаўшылар миссиясы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының халықаралық бақлаўшылар миссиясы Өзбекстандағы сайлаўлар ҳаққында аралық есабат усынғаны мәлим етилди.

Аўа, еки есабатта мәмлекетимиздеги сайлаўлар ҳаққында унамлы мүнәсибет билдирилген. Мәселен, талабанлардың қурамында ҳаял-қызлардың саны кескин артқаны, процесске мәлимлеме технологияларының кеңнен енгизилгени, Сайлаў комиссиясы хызметкерлерин оқытыў бойынша үлги система жолға қойылғаны ҳәм басқа да мәселелер атап өтилген.

Соның менен бирге, сайлаўға байланыслы үгит-нәсиятлаў жумыслары кеңнен жолға қойылған болса-да, сиясий партиялар, талабанлар арасындағы бәсеки жоқары дәрежеде емес екенлиги, аймақлардағы үгит-нәсиятлаў дәрежеси қанаатланарсыз екени, ғалаба хабар қуралларында талабанлар усынған бағдарламалар жетерли дәрежеде талланбай атырғаны, мазмун-мәниси ҳаққында халыққа жетерли мағлыўмат берилмей атырғаны сынға алынған.

Брифингте журналистлер тәрепинен орынларда талабанлар ҳаққындағы мағлыўматлардың жетерли емес екенлиги, аўыллық жерлерде шөлкемлестирилген сайлаў участкаларында интернетке байланыслы машқалалар бар екенлиги айтып өтилди.

Ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин қызықтырған сораўларға жуўап берилди.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы