Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинде Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Ш.Шерматовтың басшылығында мәжилис болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң хызметкерлери ҳәм районлық, қалалық халық билимлендириў бөлимлериниң баслықлары қатнасты. Онда Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов республикамызда билимлендириў системасында болып атырған өзгерислер басқа мәмлекетлердиң, халықаралық қәнигелердиң итибарын тартып атырғанын атап өтти, деп хабар берилмекте министрликтиң рәсмий веб-сайтында. Тараўдағы усындай өзгерислердиң бири – Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2019-жыл 20-февральдағы «Президент мектеплерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында Нөкис қаласында да усындай мектептиң ашылыўы болды. Елимизде шөлкемлестирилип атырған Президент мектеплери жаңа әўлад кадрларын тәрбиялаўда тийкар болып хызмет етери сөзсиз. Себеби, бул оқыў орынлары қәбилетли балаларды анықлаў, заманагөй технологияларды пайдаланған ҳалда оларға сабақ бериў ҳәм тәрбиялаў бойынша жаңа система болады. Онда билим бериў процеси раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған оқыў режелери ҳәм бағдарламалары тийкарында, инглис тилинде алып барылады.

Сондай-ақ, министр Ш.Шерматов өткен оқыў жылының жуўмақлары бойынша билимлендириў сапасының мониторинги, пән олимпиадасы ҳәм билимлер беллесиўинде оқыўшылардың өзлестириўинде анықланған бослықларды толтырыў бойынша анық, нәтийжели усыллар ҳаққында да айтып өтти. Атап айтқанда, оқытыўшының сабаққа пуқта таярлық көриўине ерисиў, билимлендириў процесинде мәлимлеме-коммуникация технологияларынан нәтийжели пайдаланыў, пән методикалық бирлеспелери ҳәм методикалық кеңеслериниң жумысын күшейтиў, жас педагогларға методикалық жәрдем бериўди жолға қойыў, методикалық хызмет көрсетиў сапасын арттырыў бойынша билдирилген пикир-усыныслар қабыл етилди.

2018-2019-оқыў жылы жуўмағында Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билим бериў мектеплери питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў нәтийжелери сын көзқараста додаланды.

Мәжилисте билимлендириўдиң сапасын арттырыў, мектеплердиң қыс мәўсиминде турақлы ислеўин тәмийинлеў ҳәм 2019-2020-оқыў жылында 11-класс питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлерин және де көтериўге байланыслы анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.