2019-жыл 10-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.
Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Кенгаш мәжилисин ашып, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 27 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимде белгиленген әҳмийетли мәселелердиң әмелге асырылыўы бойынша сенаторлардың жуўапкершилигине тоқтап өтти.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма бесинши жалпы мәжилисин усы жыл 14-декабрь күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте сенаторлар мәмлекетимиздиң демократиялық раўажланыўының жаңа басқышында әмелге асырылып атырған реформалардың нормативлик-ҳуқықый тийкарын беккемлеўге қаратылған бир қатар нызам ҳүжжетлери ҳәм әҳмийетли мәселелерди додалайды. «Өзбекстан Республикасының Салық кодекси ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырым нызам ҳүжжетлери өз күшин жоғалтқан деп табыў ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы, «Инвестициялар ҳәм инвестициялық жумыс ҳаққында»ғы, «Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳаққында»ғы, «Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамлары усылардың қатарына киреди.
Буннан тысқары, Сенат ағзалары нотариат системасының түп-тийкарынан реформаланыўы, айырым мәмлекетлик уйымлардың жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызамларды додалайды.
Сенаторлар тәрепинен Сурхандәрья ўәлаяты Термиз районының шегарасын өзгертиў, Термиз қаласының шегарасын кеңейтиў ҳәм олардың шегараларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылады.
Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысын ҳәм ҳуқықын қолланыў әмелиятының жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси, сондай-ақ, Наўайы ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланады.
Сенаторлар суў объектлерине ағын суўларды ағызыўға байланыслы машқалалар бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелерин де додалайды.
Олий Мажлис Сенаты комитетлери ҳәм аппаратының жигирма бесинши жалпы мәжилиске таярлық көриў және оны өткериўге байланыслы жумысларын муўапықластырыў мақсетинде жумысшы топар дүзилди.
Кеңес тәрепинен Сенат комитетлерине жалпы мәжилисте додалаў ушын мәселелерди таярлаўда аймақлық мәплерди қорғаў, аймақлардың халқын тәшўишке салып атырған машқалаларды ашып бериў, сондай-ақ, оларды шешиў бойынша атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ушын анық усыныслар ислеп шығыў тапсырмасы берилди.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети
ӨзА