Өзбекстан Республикасы өз ғәрезсизлигине ийе болғаннан соң республикамызда ғалаба хабар қураллары, соның ишинде газета ҳәм журналлар саны көбейип, олардың сапасы жақсыланды ҳәм жаңаша пикирлеўши маман журналист кадрлар менен толысты. Әсиресе, соңғы жыллары елимизде ғалаба хабар қураллары ҳәм онда ислеўши хызметкерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилип, олар турмысымызға енгизилмекте. Бул болса, әлбетте өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

«Биз ғалаба хабар қураллары хызметкерлери тымсалында өзиниң терең билим ҳәм тәжирийбеси, бийбаҳа талант ҳәм шеберлигин халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, адамлардың ақыл-ойын жоқарылатыў, жәмийетимизде ашықлық орталығын беккемлеў, глобал мәлимлеме мәканында миллий мәплеримизди қорғаўдай уллы ислерге бағышлаған жанкүйер ҳәм мийнеткеш инсанларды көремиз» – деген еди Президентимиз Ш.М.Мирзиёев.

Дүнья тәжирийбеси соны көрсетпекте, журналистлер дүнья медиа майданында миллий мәплеримизди қорғаўшы жанкүйер ҳәм мийнеткеш инсанлар болып табылады. Оларға сый көрсетиў ҳәм ислеген жумысларын халыққа танытыў бүгинги жас әўладтың әдиўли ўазыйпасы болып табылады.

28-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан баспасөзиниң көшбаслаўшылары болған «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 100 ҳәм «Вести Каракалпакстана» газетасы шөлкемлестирилгениниң 105 жыллығына байланыслы руўхый-ағартыўшылық  кешеси болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев газеталар жәмәәтин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси атынан қутлықлап, соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында ғалаба хабар қураллары ҳәм баспасөз тараўын қоллап-қуўатлаў бойынша исленип атырған жумысларға кеңнен тоқтап өтти. «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 100 ҳәм «Вести Каракалпакстана» газеталарының 105 жыллық юбилей сәнеси мүнәсибети менен усы тараўда мийнет етип атырған бир қатар тараў пидайыларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары менен «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист», «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атақлары, «Ардақлы нураный», «Ўатан пидайысы» көкирек белгилери менен сыйлықлады.

Буннан соң кешеде Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры, Олий Мажлис Сенатының ағзасы А.Кўчимов, «Янги Ўзбекистон-«Правда Востока» газеталарының бас редакторы С.Дониёров, Өзбекстан журналистлер аўқамы баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Х.Салимов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы К.Каримов, «Әмиўдәрья» журналы бас редакторы Х.Дәўлетназаров, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары бирлеспеси Кеңеси баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры Б.Нурабуллаев, «Янги Сирдарё» газетаси  бас редакторы  Б. Баймуратовлар шығып сөйлеп,  газета жәмәәтин ҳәм илаж қатнасыўшыларын бир әсирлик торқалы тойы менен қутлықлады ҳәм газетаның дөретиўшилик жәмәәтине өзлериниң естелик саўғаларын тапсырды.

Сондай-ақ, Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры, сенатор Абдусаид Кўчимов ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровлар сәне мүнәсибети менен жазылған жаңа қосықларын жыйналғанларға оқып берди.

-1997-жылдан бери усы «Еркин Қарақалпақстан» газетасында жумыс ислеп киятырман,- дейди «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атағына миясар болған журналистлердиң бири Сағындық Жаниев.-Бизлердиң ислеген азы-кем дөретиўшилик мийнетлеримизди есапқа алып усындай жоқары сыйлық пенен сыйлықлағаны ушын республикамыз басшыларына өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен. Алдағы ўақытлары да газетада аянбастан мийнет ислеп, оның сапалы шығыўына өзимниң үлесимди қоса беремен.

Соңынан республикамызға белгили көркем өнер ғайраткерлери ҳәм жас атқарыўшылардың тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилип, кешеге өзгеше заўық бағышлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы