Грузия парламенти президентлик сайлаўын өткериў сәнесин тастыйықлады – 14-декабрь. Бул қарар жалпы мәжилисте бир аўыздан қабылланды. 80 депутат жойбар ушын даўыс берген. Бул ҳаққында «Коммерсант» баслымы хабар берди.

Усы жылы сайлаў улыўмахалықлық даўыс бериў жолы менен емес, ал сайлаўшылар коллегиясы жәрдеминде өткериледи. Мәмлекеттиң әмелдеги басшысы Саломе Зурабишвилидиң ўәкиллиги 16-декабрь күни жуўмақланады. Жаңа президент инаугурациясы 29-декабрьге режелестирилген.

Ҳақыйқатында, парламент мәжилислеринде тек ҳүкимран «Грузия арзыўы» партиясы ағзалары қатнасып атыр, қарсы депутатлар процесске қарсы байкот жәриялаған.

2017-жылы қабылланған жаңа конституцияға бола, бул мәмлекет парламентлик басқарыў системасына өткен. Президент тийкарынан ўәкиллик ўазыйпаларын орынлайды, тийкарғы ўәкиллик Бас министрде. Президентти 300 ағзадан ибарат арнаўлы коллегия сайлайды. Олардан 150и депутат, қалған ярымы жергиликли ҳәкимият уйымларының ўәкиллери.

ӨзА