Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 28-ноябрь күни мийӯе-овощ жетистириӯ, қайта ислеӯ ҳәм экспортын көбейтиӯ илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимизде 4 миллион гектардан аслам суўғарылатуғын егин майданлары бар. Оларда, тийкарынан, азық-аӯқат өнимлери ҳәм экономика тармақлары ушын шийки зат жетистирилмекте. Кейинги жылларда пахта ҳәм ғәлле майданларынан 260 мыӊ гектар дийқаншылық ушын ажыратылған. Енди және 104 мыӊ гектар берилиӯи мөлшерленген.
Быйыл азық-аӯқат экспорты ушын өткен жылға салыстырғанда 370 миллион долларға көбейип, ҳәзирге шекем 2 миллиард доллардан артты. Өзбекстан ерик экспорты бойынша дүньяда үшинши, шийе ҳәм шабдал бойынша жетинши, мәш ҳәм басқа собықлы өнимлер бойынша үшинши орынға шықты. Бир ғана шийе 16 мәмлекетке экспорт етилмекте.
Экспорт Қарақалпақстан ҳәм Жиззақта 2,2 есеге, Хорезмде 1,8 есеге ҳәм Сурхандәрьяда 1,6 есеге көбейген. Бирақ айырым ӯәлаят ҳәм районларда өзгерис сезилмеген. Мәселен, жери көп болған Қашқадәрья, Наӯайы ҳәм Ташкент ӯәлаятындағы өсим олардыӊ имканиятына сай емес. Бухара ҳәм Сырдәрья ӯәлаятларында экспорт өткен жылға салыстырғанда азайған.
Елимизде 5 мыӊнан аслам аӯыл мәҳәллеси бар. Район орайы ҳәм қалаларда және 2 мыӊнан көбирек мәҳәлледеги шаӊарақлар қыйтақ жерге ийе. Бирақ тек мыӊ мәҳәллеге нәл тарқатылып, өнимди сатып алатуғын исбилермен бириктирилген. 26 районда қыйтақ жер хызмети жолға қойылмаған. Айырым орынларда дийқанларға сапасыз туқым сатылғаны себепли өним алынбаған.
Сонлықтан ҳәр бир мәҳәлле, шаӊарақ ҳәм фермер хожалығына Өсимликлер карантини ҳәм қорғаӯ агентлигиниӊ хызметкери бириктирилетуғыны белгиленди.
Қыйтақ жер ҳәм турақ жайлар алды, мәҳәлледеги көшелердиӊ бойы, атыздыӊ шети ҳәм каналлар әтирапында 650 мыӊ гектар жер бар. Бул да азық-аӯқат өнимлери ҳәм тереклер егиӯ ушын жақсы имканият. Енди бул жерлердиӊ анық өлшеми тастыйықланып, Агроплатформаға киргизиледи. Халық ҳәм фермерлер сапалы туқым таӊлаӯ, дәри-дәрмақ ҳәм туқымды дурыс қолланыӯ, өнимди сапалы сақлаӯға үйретиледи.
Бул ҳәрекетти хошаметлеӯге үлкен жеӊилликлер бериледи. Атыз шетин нәтийжели ислеткен фермелерге исбилеренлер рейтингинде қосымша балл есапланады, ишки фитосанитар сертификаты бир жыл даӯамында бийпул бериледи. Фермердиӊ барлық жерлери ушын жер салығын еки жылға бөлип төлеӯге руқсат етиледи. «Шаӊарақлық исбилерменлик» бағдарламасындағы 100 миллион сумға шекем болған кредитлер әпиӯайыласқан системада ажыратылады. Атыз шетлериниӊ есабы, жетистирилген өнимниӊ көлеми «e-Fitouz» порталы арқалы қадағаланып барылады.
Мәҳәллелердеги көшелер ҳәм көп қабатлы үйлер әтирапында 10 миллион түп жүзим егиӯ басламасы билдирилди. Олар өсип, өнимге айланғанша Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниӊ кеӊеси барлық агротехникалық илажларға жәрдем береди. Өнимлерди сатып алыӯ ушын мәҳәллелер экспортшы кәрханаларға байланыстырылады.
Мәжилисте мийӯе-овощларды қайта ислеӯ мәселеси талланды.
Писикшилик дәӯиринде баҳа түсип кетиӯи ақыбетинде капуста, ләблеби, пияз сыяқлы өнимлер атызда қалып кетпекте. Быйыл ғарбыздыӊ да үлкен бөлеги жыйнап алынбады. Сонлықтан, аӯысып қалған өнимди қурғатып, унтақ түринде экспорт етиӯ мүмкин, оған кондитерлик кәрханаларында талап жоқары.
Экспорт жыл даӯамында болыӯы ушын «шок» усылында музлатыӯ технологиясы нәтийжели. Сонлықтан Аӯыл хожалығы министри ҳәм ӯәлаят ҳәкимлерине келеси жыл усындай жойбарларды иске қосыӯ тапсырылды.
Сондай-ақ, 10 агрологистика орайы, мыӊнан аслам суӯытқыш қоймахана шөлкемлестириледи. 40 мыӊ гектардан аслам санаатласқан интенсив мийӯели бағ ҳәм жүзимзарлар жаратылады.
Бизге мәлим, дүнья базарында органикалық өнимлердиӊ баҳасы 2-3-есеге қымбат. Елимизде 10 райондағы 3 мыӊ 900 гектар майданда тек органикалық сертификат бар. Әндижан, Жиззақ ҳәм Хорезмде болса бундай өним жетистирилетуғын бирде бир жер жоқ.
Суӯ сақлағышлары әтирапында пестицид ислетилмейтуғын 2 мыӊ гектар жерде егин жетистирилмей атыр. Тек оларға органикалық сертификат алынып, таза туқым ҳәм нәллер егилсе болғаны.
Усы сыяқлы имканиятлар көрсетип өтилип, жуӯапкерлерге 2025-жылы органикалық майданларды 10 мыӊ гектарға, келеси үш жылда 100 мыӊ гектарға жеткериӯ ӯазыйпасы қойылды.
Енди органикалық майдан жаратқан фермер ҳәм дийқанларға жерди лазер менен тегислеӯ қәрежети мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. «Органик», «Глобал Гап», «Ҳалол», «Кашер» сыяқлы сертификатларды алыӯ қәрежетлери ушын исбилерменлерге субсидия ажыратылады.
Быйыл Оман Султанлығының ири саӯда тармақларында Өзбекстан өнимлери ушын айрықша саӯда қатарлары ажыратылып, биринши мәрте шийе, шабдал ҳәм ерик экспорты жолға қойылады. Оны Малайзия, Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қатар, Сингапур, Қубла Корея, Япония ҳәм Европада да кеӊейтиӯ зәрүр екенлиги атап өтилди. Саӯда ярмаркаларын шөлкемлестириӯ, фитосанитар руқсатнама алыӯ бойынша көрсетпелер берилди.
Улыӯма, бул илажлар арқалы келеси жылы мийӯе-овощ экспортын 3,5 миллиард долларға жеткериӯ мүмкин екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте, сондай-ақ, қоршаған орталықты сақлаӯ мәселесине де тоқтап өтилди. Жуӯапкерлер Әндижан, Жиззақ, наӯайы, Наманган, Самрақанд ҳәм Ташкент ӯәлаятларында шығындыларды қайта ислеӯ жойбарларыныӊ барысы бойынша мәлимлеме берди.
«Жасыл мәкан» улыӯмамиллий жойбарына және бир мәрте итибар қаратылды. Бул ҳәрекет шеӊберинде ҳәр жылы баҳар ҳәм гүзде 200 миллион түп терек ҳәм пута нәллерди егиӯ белгиленген. Усы ӯақытқа шекем министрлик, уйым ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен 257 «жасыл бағ» қурылып, олардыӊ саны 517 ге жеткен.
Президентимиз бул қайырлы исте мәмлекетлик шөлкемлер үлги болыӯы, қурылыс компаниялары жәмийетлик жуӯапкершилик алыӯы керек екенлигин атап өтти.
Мәжилисте атқарыӯ тәртибиниң мәселеси де талланды. Жыл жуӯмағына шекем аз қалғаны, белгиленген барлық ӯазыйпаларды орынлаӯ нәтийжелиликти арттыратуғыны атап өтилди.
Келеси жыл ҳәр бир министрлик, ӯәлаят ҳәм райондағы жумыслардыӊ системалы есабы алып барылады. Бул электрон платформаға өткерилип, сораӯ да, мийнет ҳақы да усыған байланыстырылады.
Бас министрге бул системаны жолға қойып, атқарыӯ тәртиби ҳәм қадағалаӯын күшейтиӯ бойынша тапсырмалар берилди.