Сайлаў – 2019

Быйылғы сайлаўларда сиясий партиялар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўларға өзлери мүнәсип деп тапқан талабанларын усынып, ҳәзирги ўақытта олар тәрепинен сайлаўалды үгит-нәсият илажлары әмелге асырылмақта.

«Адолат» СДП дан 6-санлы Шымбай сайлаў округинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына депутатлыққа талабан етип көрсетилген Б.Диланов ҳәм 58-санлы «Қамыс арық» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутатлыққа талабан етип көрсетилген У.Узақовалар Шымбай районындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектебинде сайлаўшылар менен ушырасыў өткерди.

Талабанлар өзлериниң сайлаўалды бағдарламаларында белгиленген ўазыйпалар туўралы мағлыўматлар берип, сайлаўшылардың шешилиўи тийис машқалалар бойынша пикир-усынысларын, тилек ҳәм өтинишлерин тыңлады.

Шымбай районындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебинде де У.Узақова менен ушырасыў өткерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.