Инсаныйлық принциплерине тийкарланған Нызамымыз – Өзбекстан Республикасының Конституциясы қабыл етилгенине де, мине, жигирма жети жыл толмақта. Әлбетте, инсан мәплери үстин болған мәмлекетте ғана раўажланыў болады, бунда мәмлекеттиң пуқарасы ҳәр тәреплеме жетик болып, ўатан, халық ушын жанын пидә етиўге бәрқулла таяр болады.
Өткен дәўир даўамында Конституциямыз республика ғәрезсизлигиниң ҳуқықый тийкарын беккемлеўде, барлық тараўлардағы реформаларды әмелге асырыўда ҳәм халқымыздың абаданлығын арттырыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етти. Соның менен бир қатарда, дәўир сынақларынан табыслы өтип, ғәрезсизлигимиздиң ҳәм инсанлардың ҳуқық ҳәм еркинликлери менен мәплериниң ҳақыйқый кепилине айланды. Конституциямызда биринши гезекте, шахстың мәпи мәмлекет мәпинен үстин идеясына тийкар салынған болып, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери менен мәплери ең жоқары қәдирият сыпатында беккемленип қойылды. Конституциямызда пуқаралардың теңлиги, еркинлиги ҳәм қолқатылмаслығы, ҳуқық ҳәм еркинликлериниң жоқары қәдирият екенлиги, ҳәр қандай нызамға қайшы келетуғын жаўызлықлардан қорғалыўы, нызамға тийкарланбаған ҳалда қолға алынбаўы ямаса қамақта сақланбаўы, қыйнаўға салынбаўы сыяқлы ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы қағыйдалар қатаң беккемлеп қойылды.
Конституциямызда белгиленген нормаларға үнлес ҳалда өткен дәўирде инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың бир пүтин системасы жаратылды. Инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириўдиң үзликсиз системасы қурылды, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша мониторинг алып барыў системасы ислеп шығылды, инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң мәмлекетлик емес системасы, пуқаралық жәмийети институтлары жедел раўажландырылды ҳәм бул тараўда нәтийжели халықаралық бирге ислесиў жолға қойылды.
Конституциялық-ҳуқықый раўажланымыздың және бир әҳмийетли тәрепи – мәмлекетимиздиң раўажланыўында инсаныйлық принциплери барған сайын беккемленип, жынайый жазаларды либералластырыў, социаллық әдиллик, жазаның сөзсиз тәмийинлениўине ерисиў бағдарында салмақлы жетискенликлерге ерискенимиз болып есапланады. Бул бағдарда мәмлекетимизде алып барылып атырған суд-ҳуқық реформалары инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң әҳмийетли кепили сыпатында көрсетиледи.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрьдеги «Суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин күшейтиў илажлары ҳаққында» ҳәм 2017-жыл 21-февральдағы «Өзбекстан Республикасы суд системасының структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманлары ҳәм Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында 2017-жыл 6-апрель ҳәм 31-майда Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында нызамлар қабыл етилди. Бул нызамлар Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев тәрепинен тастыйықланған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылған принципиаллық қағыйдаларды өзинде жәмледи.
Жоқарыдағы нызамлар тийкарында Конституциямыздың 80, 81, 83, 93, 107, 108, 110, 111-статьяларына тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Конституциямызға киргизилген бул өзгерислер ҳәм қосымшаларға бола, Өзбекстан Республикасы Жоқары суды ҳәм Жоқары хожалық судының пуқаралық, жынайый, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық суд жумысын жүргизиў тараўындағы суд ҳәкимиятының бирден-бир жоқары уйымы – Өзбекстан Республикасы Жоқары судына бирлестирилди, Судьялар жоқары кеңесине конституциялық статус берилди, ҳәкимшилик судлар шөлкемлестирилди ҳәм Конституциялық суд ўәкилликлери сезилерли дәрежеде кеңейтилди.
Атап айтқанда, суд системасында экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судлар шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын усы конституциялық өзгерислер мәмлекетимизде алып барылып атырған ҳәкимшилик, экономикалық, базар реформаларын суд-ҳуқықый жақтан тәмийинлеў нәтийжелилигин арттырыўдың, жеке меншик мүлк ҳуқықын, исбилерменлик жумысын судта исенимли қорғаўдың әҳмийетли факторына айланады. Соның ишинде, ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ҳәкимшилик келиспеўшиликлерди, мәмлекетлик уйымлардың ҳәрекетлерине ямаса ҳәрекетсизлигине, қарарлар үстинен пуқаралар, исбилерменлик субъектлериниң берген мүрәжатларын көрип шығыўға ўәкилликли болған ҳәр қыйлы дәрежедеги ҳәкимшилик судлардың дүзилиўи физикалық ҳәм юридикалық шахслардың нызамлы ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәплерин судта қорғаў нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырады.
Нызам нормаларында пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин кеңейтиў, әдил судлаўға ерисиў дәрежесин, суд жумыс жүргизиўдиң сапа ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, талабанларды таңлаў ҳәм судьяларды лаўазымларына тайынлаў системасын буннан былай да жетилистириў беккемлеп қойылды. Нәтийжеде, булардың ҳәммеси бүгинги күнде суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы бағдарлары есапланады.
Ҳәрекетлер стратегиясында суд әйне суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеўге айрықша белги берилгени бийкарға емес. Әдил судлаўды булжытпай әмелге асырыўда, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары бойынша әдил қарар қабыл етиўде буның әҳмийети үлкен.
Инсан ҳуқықларына байланыслы халықаралық принцип ҳәм стандартларды өзинде жәмлеген Өзбекстан Республикасы Конституциясының нормалары ҳәм принциплери миллий нызамшылық негизин шөлкемлестириўде ҳәм елимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қорғаўдың турақлы ҳуқықый тийкарларын жаратыўда беккем тырнақ болды.
А.СЕЙТАНОВ,
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы.