Қарақалпақстан Республикасының айырым аймақларында оңлаў жумыслары себепли газ тәмийнаты ўақтынша тоқтатылады. Бул ҳаққында «Аймақлықгазтәмийнат» АЖниң баспасөз хызмети хабар береди.

2019-жыл 5-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы, Қоңырат районындағы «Раўшан» ГТСда (газ тарқатыў станциясы) тәбийғый газ есаплағышын оңлаў жумыслары алып барылыўы себепли, «Раўшан» АПЖ аймағындағы жәми 350 хожалықта саат 13:00 тен 18:00 ге шекем, Шоманай районындағы «Дийханабад» ГТСда оңлаў жумыслары алып барылыўы мүнәсибети менен «Дийханабад» ҳәм «Арзымбетқум» АПЖ аймақларындағы жәми 509 хожалықта саат 9:00 дан 18:00 ге шекем газ тәмийнаты ўақтынша тоқтатылады.

Оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан кейин, тәбийғый газ тәмийнаты қайта тикленеди.

«Аймақлықгазтәмийнат» АЖ оңлаў жумыслары себепли газ тәмийнатындағы ўақтынша үзилислер себепли жеткерилип атырған қолайсызлықлар ушын халық ҳәм газ тутыныўшыларынан кеширим сораған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги