Юсупова Раўшан Едилбековна (бизнес ҳәм басқарыў қәнигелиги бойынша) 2019-2020-оқыў жылы ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазы болды.

Ол 1992-жыл 16-февральда Қарақалпақстан Республикасы, Қанлыкөл районында туўылған. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети бухгалтерия есабы (тармақлар бойынша) факультетиниң 2-курс магистранты. Рус ҳәм инглис тиллеринде сөйлеседи. «Экономиканы модернизациялаў шараятында салық жеңилликлериниң әҳмийети» «Қысқа ҳәм узақ мүддетли кредит ҳәм қарызларды есапқа алыўдың өзгешеликлери», «Хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысында банк кредитлери аудитиниң әҳмийети» сыяқлы онға шамалас илимий мақалалардың авторы. Быйыл Нур-Султан қаласында болып өткен «V Global science and innovations 2019 Central Asia (Глобал илим ҳәм инновациялар – 2019: Орайлық Азия)» халықаралық илимий-әмелий конференциясының қатнасыўшысы. Ҳәзирги ўақытта «Экономиканы модернизациялаў шараятында кредит операциялары есабы ҳәм аудитин жетилистириў» темасында илимий излениўлер алып бармақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги