2019-жылдың 22-декабринде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине улыўмахалықлық сайлаўлардың өткерилиўи мүнәсибети менен студентлер өзи турақлы түрде дизимнен өткен жасаў орнынан даўыс бериўи ушын 2019-2020-оқыў жылының қысқы дем алыс дәўири 2019-жыл 20-декабрьден 2020-жыл 6-январьға шекем деп белгилениўи күтилмекте.

Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң «Телеграм» каналы хабар бермекте, деп жазады aniq.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги