Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Өзбекстандағы реформалар дүнья жәмийетшилигиниң итибарында екен, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, атап айтқанда, пуқаралардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларды басқарыўдағы қатнасын кеңейтиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының және де ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар айрықша әҳмийетке ийе. Соңғы жылларда әмелге асырылған реформалар социаллық раўажланыўда мәмлекетлик емес сектордың әҳмийетин анық көрсетпекте. Бүгинги күнде ең шетки аймақта жасап атырған пуқара менен мәмлекет басшысы арасындағы байланысты тәмийинлеўде усы мәмлекетлик емес сектор ең нәтийжели механизм сыпатында көзге тасланып атырғанының гүўасы болмақтамыз.

Өзбекстан Республикасы Конститутциясының 58-статьясына муўапық, мәмлекет жәмийетлик бирлеспелердиң мәплерин тәмийинлейди, оларға жәмийетлик турмыста қатнасыў ушын тең ҳуқықый имканиятларды жаратып береди.

Бул бағдарда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң демократиялық процесслердеги қатнасын ҳуқықый тәмийинлеў оларға қосымша шарятларды жаратыў мәмлекетимизди жәмийетлик-сиясий раўажландырыўдың оғада әҳмийетли шәрти болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңесиниң дүзилиўи демократиялық жаңаланыўлар тараўында үлкен тарийхый ўақыя болды. Бул жаңалық мәмлекетимиз басшысының мәмлекетти буннан былай да жедел ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсетинде пуқаралық жәмийети институтлары менен нәтийжели байланысқа және кең жәмийетшиликти тәшиўишке салып атырған әҳмийетли мәселелерди додалаўға айрықша итибар берип атырғанын анық көрсетпекте.

Жақында қабыл етилген «Мәмлекетимизде социаллық-экономикалық тараўдағы реформалар үстинен жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин, сондай-ақ, пуқаралардың демократиялық өзгерислердеги белсендилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары усы жолда қойылған салмақлы қәдемлерден бири болды.

Ҳақықыйқатында да, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен пуқаралық жәмийети институтлары менен бир қатарда ҳәр бир пуқара мәмлекетимизде соңғы жылларда әмелге асырылып атырған демкоратиялық жаңаланыўларда белсене қатнасып келмекте. Бул бәринен бурын, пуқаралардың социаллық тармақлар ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы усыныс ҳәм пикирлери менен бир қатарда сын пикирлерин биймәлел билдирип атырғанында да көринеди. Бул болса өз гезегинде, Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, «мәмлекетлик уйымлардың халыққа хызмет етиўине» фактор болып хызмет етпекте.

Бүгинги күнде Өзбекстан дүнья жәмийетшилигинде ылайықлы орынға ийе болыў ҳәм өз халқына мүнәсип турмыс дәрежесин тәмийинлеў мақсетинде халқымыздың пуқаралық потенциалын жүзеге шығарыўға хызмет ететуғын шараятларджы жаратыў, стратегиялық социаллық-экономикалық мәселелерди шешиўде мәмлекетлик басламаларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта. Өйткени, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев пуқаралық жәмийетти буннан былай да раўажландырыў бойынша жүргизип атырған сиясаттың тийкарғы мақсети – инсанның мүнәсип турмыс кешириўин, барлық турмыслық арзыў-мақсетлери усы жәмийеттеги сиясий шөлкемлер, социаллық институт, жәмәәт, шаңарақ ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелер арқалы әмелге асырылыўын тәмийинлеўден ибарат.

Ҳақықыйқатында да, демократиялық сайлаўларды пуқаралық жәмийет институтларының, атап айтқанда, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасысыз көз алдымызға келтирип болмайды. Олар сайлаўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлейтуғын әҳмийетли фактор есапланады.

2017-2020-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген ўазыйпаларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў мақсетинде мәмлекетлик уйымлардың пуқаралық жәмийетлик институтлары менен нәтийжели бирге ислесиўиниң заманагөй механизмлери избе-излик пенен жетилистирилмекте.

Бәринен бурын, сайлаў кодексиниң жойбары мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм улыўма кең жәмийетшиликтиң додаланыўынан өткерилип, додалаў нәтийжелерине бола жойбардың тексти олардың усыныслары тийкарында жетилистирилгенлигин айрықша атап өтиў керек.

Нызам ҳүжжетлерине тийкарланып, мәмлекетимизде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети басқа да институтларының сайлаўларда белсене қатнаўы бойынша жетерли дәрежеде тийкар ҳәм имканиятлар жаратылған. Усы имканиятларды билиў ҳәм олардан кеңнен пайдаланыў, тек ғана сайлаўлардың демократиялық руўхта өтиўи емес, ал мәмлекетимизде пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўына да түртки болады.

Партиялар – сайлаўлардың локомотиви.  Олар арқалы талабанлар көрсетиледи, сиясий бәсеки орталығы жүзеге келтириледи ҳәм түрли дифференциялардың сиясий көзқараслары сәўлеленеди. Партиялар өзлериниң демократиялық жол менен сайлап қойылған ўәкиллери арқалы сиясий процесслерде қатнасады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялар және Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетиниң ўәкиллери менен мәжилисте «Ҳәр қандай сиясий партия заман менен теңдей адымлап, оның өткир талапларына жуўап бериўи шәрт» деген пикирди билдирди. Ҳақықыйқатнда да , бүгинги күнде халқымыз партиялардан бәлентпәрўаз гәплерди шетке қойып, анық әмелий жумыслар менен сайлаўшылардың исенимине ерисиўин күтпекте.

Мәмлекетимизде сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслери халықаралық нормалар және демократиялық приницплерге толық жуўап беретуғын Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи мәмлекет басшысының 2017-жыл 22-декабрьде Олий Мажлиске жоллаған дәслепки Мүрәжатында белгилеп берилген еди. Бул ҳүжжет халықаралық норма ҳәм стандартларға сәйкес түрде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң сайлаўлардағы қатнасын анық белгилеп бергенлиги менен итибарға ылайықлы. Соның ишинде, Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислерине жәмийетлик бирлеспелер ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери де мирәт етиледи. Жәмийетлик бирлеспелер өз ағзаларының пикирин еркин билдириў мақсетинде Орайлық сайлаў комиссиясы мәжилислеринде қатнасатуғынын сайлаў процесиниң ашық-айдынлығы сыпаында көрсетиўге болады.

Соның менен бирге, участкалық сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлар ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен көрсетилиўин мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўдеги өз-ара пайдалы бирге ислесиўине мысал сыпатында айтыў мүмкин.

Бул кодекске тийкарланып Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкиллери сайлаўларда бақлаўшы сыпатында қатнасыўы мүмкин. Бүгин мәмлекетимизде демократиялық институт сыпатында қәлиплескен мәҳәлле институты ўәкиллери мүддетинен бурын даўыс бериў ҳәм даўыс беретуғын күн сайлаў участкасының ашылыў ҳәм сайлаў нәтийжелерин анықлаў және жәриялаў процесслерин бақлап барыўы мүмкин екенлиги миллий-демократиялық институттың ролин және де арттырады.  Сондай-ақ, бул жаңалық ЕҚБШның Демократиялық институтлары ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы тәрепинен де усыныс етилгени айрықша итибарға ылайық.

Және соны қосымша етиўге болады, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер сайлаўалды үгит-нәсиятлаў жумысларында, даўыс бериў, сайлаў нәтийжелерин есаплаўда тиккелей қатнасыў ҳуқықы арқалы сайлаў процесиниң ҳәр бир басқышында нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў имканияты жаратылады. Сол себепли, мәмлекетимизде сайлаў процесслерин ашық-айдынлық, әдиллик, қалыслық сыяқлы демократиялық принциплерди әмелге асырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ең әҳмийетли орынды ийелейди. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер өз жумысын тийисли комиссиялар тәрепинен берилген мандатлар тийкарында әмелге асырып, сайлаў участкасында усы кодекстиң талапларының бузылыўына жол қойылған деп есаплаў ушын тийкар болса, тийисли сайлаў комиссиясына мәлим етиўи керек есапланады.

Сондай-ақ, кодекске бола, Орайлық сайлаў комиссиясы имза бланкаларының дурыс толтырылғанлығын тексеретуғын Эксперт топарын дүзиўи мүмкин. Эксперт топарының қурамына мәмлекетлик уйымлар қатарында пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллериниң де тартылыўы жәмийетлик қадағалаўы сыпатында жәмийетлик берлеспелер ағзаларының мәпи ҳәм талапларын сәўлелендириўге тийкар болады.

Соның менен бирге, имза бланкаларын тексериўде сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллериниң қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе. партияларға сайлаў процесслеринде тең шараятлар жаратылған.

Жоқарыдағылардың барлығы сайлаў процесслериниң және де ашық-айдынлық руўхында өтиўин тәмийинлейтуғын жаңа, алдынғы әмелиятты енгизиўди шөлкемлестирилген ҳуқықый жақтан беккемлейди. Ҳеш гүмансыз, сайлаў процесслериниң үстинен пуқаралық жәмийети институтларының бақлаў жүргизиўи, жәмийетлик қадағалаў ҳәм сайлаўларда белсене қатнасыў арқалы турмысқа енгизилиўи елимизде мәмлекетлик басқарыўдағы ашық-айдынлықты және де беккемлейди.

 

Б.Нариманов,

Ташкент мәмлекетлик юридика

университетиниң үлкен оқытыўшысы.

З.Мустафақулов,

Әдиллик министрлигиниң бас консультанты

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги