Бажыхана хызметкерлери тәрепинен ҳәр қыйлы көринистеги товар-материаллық байлықлардың жасырын жоллар менен елимизге алып кирилиўине болған урыныўларын өз ўақтында анықлаў бойынша көплеген илажлар әмелге асырылмақта.

«Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана посты арқалы Өзбекстанға кирип киятырған пуқара Ш.Р. бажыханашылар итибарын тартып, оның қол жүклери белгиленген тәртипте бажыхана тексериўинен өткериледи.

Тексериў пайытында усы пуқараның бажыхана хызметкерлериниң аўыз-еки сораўы пайытында айтпаған 1 дана «Bugs 5W» маркалы ушыўсыз ушыў қурылмасын республикамыз аймағына жасырын түрде алып кирмекши болғанлығы анықланды.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша бажыхана тексериўи жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.