Айырым Телеграм каналларда келеси жылы информатикаға байланысы бар бағдарларда информатика пәнинен өз алдына блок қосылыўы ҳаққында хабарлар тарқалды, деп жазады aniq.uz  сайты.

Бул хабар қаншелли дурыс?

Мәмлекетлик тест орайының ўәкиллери менен байланысып, усы мәселеге айдынлық киргиздим. Мәлим етилиўинше, келеси жылы информатика пәни өз алдына блок болыўы ҳаққындағы хабарлар жалған. Келеси жылы информатика пәнинен сораўлар болмайды.

Онда не ушын МТОның сайтында тастыйықланған сабақлықлардың дизиминде информатика пәнинен де сабақлықлар көрсетилген?

Буның себеби сонда, әскерий Жоқары оқыў орынларында ески тәртип елеге шекем сақланып қалған. Яғный әскерий бағдардағы Жоқары оқыў орынларында тестте 36 сораў түседи, математика блогынан 6 сораў информатика пәнинен болады. Сол себепли Мәмлекетлик тест орайының сайтында информатика пәнинен де сабақлықлардың дизими жәрияланған.

Егер Сиз әскерий ЖООға тапсырмасаңыз, онда ойланып отырмаң, тестте информатика пәнинен сораўлар болмайды, демекте рәсмийлер.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги