Усы жыл 29-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы Кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Онда Федерация ҳәм оның район (қала)лық жәмийетлериниң усы жылдың тоғыз айы даўамында әмелге асырған жумыслары көрип шығылды.

Кеңес мәжилисинде, Федерация баслығы А.Урумбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Федерация ҳәм оның район (қала)лық жәмийетлери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат берди.

Есабат дәўиринде пуқаралардан 443 мүрәжат келип түскен. Мүрәжатлардың 431и унамлы шешимин таўып, тутыныўшылардың пайдасына 935 миллион 823 мың 505 сум қайта есаплап берилген.

Келген мүрәжатларды районлар кесиминде қарайтуғын болсақ, олардың көпшилик бөлеги Нөкис қаласына туўра келеди. Яғный, пайтахт турғынларынан 147 мүрәжат келип түскен ҳәм олардың үйренилиўи нәтийжесинде тутыныўшылардың пайдасына 229 миллион 700 мың сум қайта есапланған. Сондай-ақ, Қараөзек районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине 35 арза келип түсип, нәтийжеде тутыныўшылардың пайдасына 10 миллион 730 мың сум қайта есапланған.

Федерация ҳәм оның район (қала)лық жәмийетлери тәрепинен Өзбекстан Республикасының «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2002-жыл 28-ноябрьдеги «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўда жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы  414-санлы қарарына муўапық, республикамыз аймағында жумыс ислеп турған саўда дүканлары ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары тәрепинен халыққа пластик карталар арқалы саўда ислеў (жумыс ҳәм хызмет көрсетиў), медициналық мәкемелер ҳәм ширкет хожалықлары тәрепинен пуқараларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы бойынша үйрениў жумыслары алып барылған. Fалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсият жумыслары алып барылып, орынларда сәўбетлесиўлер ҳәм оқыў-семинарлары шөлкемлестирилген.

Сондай-ақ, мәжилисте Тахтакөпир, Хожели ҳәм Шымбай районларының әмелге асырылған жумыслары, 28 министрлик, шөлкем ҳәм мәкемелер менен Федерацияның таяныш топарлары (басланғыш шөлкемлери)н дүзиў бойынша келисилген реже талапларының орынланыўы бойынша жумыслар додаланды. Жәмийетке ағзалық төлемлериниң өндирилиўи, қарыздарлық мәселелери көрип шығылды.

Жетискенликлер менен бирге жол қойылған кемшиликлер де атап өтилип, оларды сапластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

         Мәжилис көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.