Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында БАӘдан келген экспертлердиң қатнасыўында келешекти қәлиплестириў ҳәм Форсайт системасын өзлестириў мәселелерине бағышланған семинар сабақлар басланды.

Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен Бирлескен Араб Әмирликлери Министрлер Кабинети ҳәм келешек ислери бойынша министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген тренингте мәмлекетимиздиң министрликлери ҳәм уйымларының жәми 300 ге шамалас жуўапкер хызметкери қатнаспақта.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң быйыл март айында Бирлескен Араб Әмирликлерине еткен рәсмий сапарынан кейин еки мәмлекет арасында көплеген тараўлар қатарында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў бойынша да өз-ара келисимге ерисилди. Ҳәзирги ўақытта бул келисимге муўапық, БАӘ ҳүкимети менен мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў, Өзбекстанда узақ мүддетли раўажланыў стратегияларын ислеп шығыў, тараў ушын зәрүр көнликпеге ийе кадрлар таярлаўдың сапасын жақсылаў бағдарында кең көлемли жойбарлар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, БАӘ менен Өзбекстан арасында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў бойынша стратегиялық бирге ислесиў шеңберинде усы жылы елимизде Экономика ҳәм санаат министрлиги, Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте семинар-тренинглер, илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылардың «Фьючер Форсайт» (Future Foresight) системасы бойынша билим ҳәм көнликпелерди арттырыўға қаратылған гезектеги семинар оқыўлары БАӘ Бас министри кабинетиниң Муҳаммад Ҳасан Аҳли басшылығындағы экспертлер топары тәрепинен алып барылмақта.

Форсайт келешектиң қандай раўажланыўын алдыннан үйренген ҳалда, дурыс стратегиялық қарарлар қабыл етиў ҳәм мәпдар тәреплердиң биргеликтеги жумысын жетилистириўге бағдарланған көзқараслардың комплекси болып есапланады. Усы система процесин алдыннан көре билиўге, орта ҳәм узақ келешекте жүзеге келиўи мүмкин болған имканиятлар ямаса қәўиплерди анықлаўға жәрдем береди. Пикирлеў усылы сыпатында, форсайт, сондай-ақ, инновацияларды, стратегиялық баҳалаў ҳәм келешекти жедел қәлиплестириўди жақлайды.

Мәмлекетлик басқарыўдағы дәстүрий режелестириў әдетте әўметсизликлердиң алдын алыўды нәзерде тутады. Стратегиялық форсайт болса тийкарғы итибарды сыртқы тәсирлерге шыдамлылық пайда етиў, анық етип айтқанда, итималлы қәўиплерди алдыннан анықлаў ҳәм жедел тиклениўге қаратады. Узақты көре алыў, жағдайға бейимлесиў ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, нәтийжеде, мәмлекетлик уйымларына жағдайды, ўақыяларды пуқаралар ушын пайдалы, ең қолайлы ағымға салыў имканиятын береди.

Семинарда халықаралық экспертлердиң мәмлекетлик хызметкерлериниң билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға, халыққа хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаўға, келешекти прогнозластырыўға жәрдемлесиўге қаратылған баянатлары тыңланды. Сырт елли қәнигелер менен мәмлекетлик басқарыўда пайдаланыў мүмкин болған қураллар, прогнозластырыў усыллары, жағдайларды модельлестириў бойынша тәжирийбе алмасылды.

Халықаралық семинар-тренинг оқыўлары 1-ноябрьге шекем даўам етеди.

 

Ғ.ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы