Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинен алынған мағлыўматларға бола, студентлер ушын контракт төлеў мүддети созылды.

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссияның усы жыл 21-октябрьдеги баянаты менен көпшилик абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары және Жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының мүжәжатларын есапқа алып, 2019-2020-оқыў жылында Жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына төлемли-контракт тийкарында студентликке усынылған (соның ишинде, дифференциялластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыў тилегин билдирген) абитуриентлер, оқыўы көширилген ҳәм қайта тикленген студентлердиң оқыўы ушын төлем ҳақыны өткериў және студентлер қатарына қабыл етиўди рәсмийлестирииўдиң соңғы мүддети 2019-жылдың 20-ноябрь сәнеси етип белгиленди.

 

ӨзА