Нөкис гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы жанынан шөлкемлестирилген инглис тили дөгереги әскерий хызметкерлердиң балаларын И.В.Савицкий   атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине алып барды ҳәм ол жерде инглис тили бойынша дәстүрий емес әмелий сабақ өткерилди.

– Мениң өмирлик жолдасым әскерий хызметкер. Округимиздеги әскерий хызметкерлердиң шаңарақларының бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардан нәтийжели пайдаланыўға ҳәрекет етип, усы жылдың январь айында жеке түрдеги исбилермен сыпатында жумыс баслаған едим. Округ басшыларының жәрдеми менен ҳәзирги ўақытта әскерий хызметкерлердиң балаларына инглис тилинен сабақ өтип атырман. Балаларды IELTS бағдарламасы тийкарында OXFORD ҳәм CAMBRIDGE китапларынан пайдаланып оқытып атырман. Экскурсияны шөлкемлестириўимнен мақсет – оқыўшылардың өзине исенимин арттырып, еркин сөйлесиўге таярлаў еди.

Оқыўдың бундай усылы балалардың тил үйрениўине оғада үлкен тәсир көрсетеди, деп ойлайман,-дейди топар басшысы Гүлбәҳәр Мәдиярова. – Бул жерде шет тилин үйренип атырғанына енди ғана еки ай болған балалар музейдиң тарийхы, баҳалы экспонатлар менен инглис тилинде жақыннан танысыўға миясар болды. Әсиресе, музей залларындағы шет елли мийманлар менен болып өткен жанлы сәўбетлесиўлер, балалардың тил үйрениўге болған қызығыўшылығын және де арттырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.