Усы жыл 26-октябрь күни Нөкис гарнизонындағы мобилизациялық шақырыў резерви батальоны әскерлериниң салтанатлы түрде Ўатанға ант бериў мәресими өткерилди. Оған тийисли министрликлер менен уйымлардың ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, әскерлердиң туўған-туўысқанлары қатнасты.

Ант бериў мәресиминде Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардасының биринши орынбасары, полковник Одил Шоимов шығып сөйлеп, әскерий антын қабыл етип атырған азаматлардың әскерий антларында айтып өтилгениндей, оларды Ўатанға шын кеўилден хызмет етиўге шақырып, қызғын қутлықлап өтти.

– Бүгин мен ушын оға да қуўанышлы күн. Себеби, балалығымда әскерлерге жүдә ҳәўес пенен қарайтуғын едим. Ойлағанымдай, жақында әскер болдым. Усы жылдың октябрь айында болса, онлайн тәризде Тольятти мәмлекетлик университетиниң қаржы кредити қәнигелигине имтихан тапсырып, оқыўға қабыл етилдим,-дейди С.Алламбергенов. – Мине, бүгин қолымда қурал менен Ўатанға садық перзент болыўға ант бердим. Келешекте елимиздиң еле де гүллениўи ушын өз үлесимди қосыўға ҳәрекет етемен.

Мәресим даўамында усындай қуўанышлы мәўритлер әскерлердиң ата-аналарының да кеўиллеринен өтти.

– Турсынбай, мениң ең кишкене балам,-дейди Г. Қудайбергенова. – Ҳәзир баламды жүдә басқа көринисте көрип турыппан. Әдеўир үлкейип, күшейип қалғандай. Мениңше, әскерий тараўдағы жаңа өзгерислер жасларымыздың кеўилинде әскерий хызметти өтеў сезимин оятпақта.

Мәресимде, гарнизонның руўхый-ағартыўшылық орайы әскерий оркестриниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Ант қабыллаў мәресимлери округтиң басқа да әскерий бөлимлеринде даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.