Өткен шемби күни «Локомотив» орайлық  стадионында   Өзбекстан  Кубогиниң  финаль  ойынында Ташкенттиң «Пахтакор» командасы АГМК  командасы үстинен 3:0 есабында жеңиске еристи.

Ойын майдан ийелериниң толық үстинлиги  менен басланды.  Ойынның 31-минутында  «Пахтакор»  командасының сербиялық  легионери Д.Шеран есапты ашты.  Бул ойынның барысына тәсир  етпестен қалмады.  Усы легионер  ойыншы  екинши  бөлимниң 61-минутында 11 метрлик пенальтиден гол  урып, есапты 2:0 ге жеткерди.

Paxtakor-kubok-sohibi (6).jpg

Буннан кейин ойынның барысын толық елимиздиң әмелдеги чемпионы басқарып барды десек, асыра айтқан болмаймыз. Үшинши топты да 77-минутта Д.Шеран өткерип, хеттрикқа еристи.

Paxtakor-kubok-sohibi (7).jpg

Солай етип,   «Пахтакор» командасы өзиниң тарийхында 12-мәрте  Өзбекстан кубогиниң жеңимпазы болды.

Paxtakor-kubok-sohibi (10).jpg

 

Р.ҚУЎАНЫШБЕКОВ,

ҚМУ диң журналистика қәнигелеигиниң студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.