Республикамыздың пахтакешлери быйылғы жылғы пахта тапсырыў бойынша жыллық шәртнамалы режесин 100,54 процентке орынлап, пидәкерлик мийнеттиң үлгисин көрсетти.

Быйылғы жылғы режеге бола республикамыздың  пахтакешлери  мәмлекетке 184  мың 200 тонна пахта тапсырыў режеси белгиленген болып, усы жылдың  26-октябрь күнине жәми 2523 фермер хожалығы өзлерине белгиленген тапсырмаларын 100,54 процентке артығы менен орынлап, 185  мың 195 тонна бәлент қырман жаратты. Солай етип, республикамыздың азамат пахтакешлери Ферғана ҳәм  Әндижан  ўәлаятларынан кейин үшинши  болып шәртнамалы режесин артығы менен орынлады.

Бул пахтакешлеримиз ушын  үлкен жеңис болды. Себеби, аймағымыздағы аўыр экологиялық жағдай,  жерлердиң шорланыў  дәрежесиниң жоқарылығы, мелиоративлик  жағдайлардың турақлы емеслиги, қолайсыз ҳаўа-райы шараяты,   жергиликли  дийқан-фермерлер ушын  ғаўашаны тәрбиялаў  ҳәм оны сепситпей жыйнап алыўда  қыйыншылықларды  жүзеге келтирди.

photo_2019-10-26_13-26-23.jpg

Дийқан-фермерлердиң бул үлкен табысы негизинде Президентимиздиң басшылығында елимиздиң барлық аймақларындағы сыяқлы Аралбойында да аўыл хожалығын түпкиликли реформалаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығы,  дийқанларымыздың пидәкерлик мийнети, көп жыллық тәжирийбеси, пахта жыйын-теримин шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша жумыслар буның тийкарғы факторы болды.

photo_2019-10-26_13-26-25.jpg

Ҳақыйқатында, жыйын-терим мапазы ҳәр қашанғыдан да шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте. Бунда тек фермер хожалықлары ғана емес, ал кластер кәрханаларының жумысшылары, өзлериниң басламасы менен қосымша дәрамат табыў мақсетиндеги жумыс пенен бәнт болмаған мийнетке жарамлы пуқараларымыз да белсене қатнаспақта. Жыйын-теримге қатнасып атырған теримшилер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, оларды материаллық ҳәм руўхый жақтан хошаметлеп барыўға айрықша итибар қаратылды. Соның менен бирге, алдыңғы теримшилердиң ҳәр он күнликтен жеңил автомашиналар, музлатқыш,  телевизор, газ плитасы ҳәм басқа да баҳалы саўғалар менен сыйлықланып барылыўы өзиниң унамлы нәтийжесин берди. Атап айтқанда,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен «Он күнде ең көп пахта терген шаңарақ» таңлаўы өткерилип, оның жеңимпазлары «Спарк» автомашинасы менен сыйлықланды.

Бүгинги күнге Тақыятас, Әмиўдәрья, Нөкис, Беруний, Қараөзек, Елликқала ҳәм Тахтакөпир районлары пахтакешлери шәртнамалы режесин артығы менен орынлап, республикамыздың қырманына өзлериниң үлеслерин қосты. Қалған районларда да пахта жыйын-терим жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Атызларда еле зүрәәт мол. Қалған өнимлерди де сепситпей жыйнап алып, елимиздиң бәлент қырманына өз үлеслерин қосыўды мақсет еткен дийқанларымыз жыйын-теримге пәт ендирмекте.

 photo_2019-10-26_13-26-28.jpg

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.