Бизге белгили, тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди өткериўди тәртипке салыў ушын бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилди. Соның менен бирге үгит-нәсиятлаў илажлары да шөлкемлестирилип атыр.

Ендигиден былай тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер өткериў тәртибин бузғанлығы ушын жәрийма белгиленбекте. Бул «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарында нәзерде тутылған.

Бул ҳүжжетке бола, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси 192-1 статья менен толықтырылады.

Онда  тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер өткериў тәртибин бузыўға байланыслы жәриймалардың муғдары белгиленген.

Атап айтқанда, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер өткериў тәртибине қойылатуғын талапларға бул илажларды өткеретуғын шахслар тәрепинен әмел етпеў пуқараларға базалық есаплаў муғдарының он есеси муғдарында (2 миллион 230 мың сум) жәрийма салыўға себеп болады.

Тойхана, кафе ҳәм ресторанлардың лаўазымлы шахслары тәрепинен тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди өткериўге қойылатуғын талаплар бузылғанда базалық есаплаў муғдарының отыз есеси муғдарында (6 миллион 690 мың сум) жәрийма салынады.

Усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза илажы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайталанса базалық есаплаў муғдарының елиў есеси муғдарында (11 миллион 150 мың сум) жәрийма салыўға себеп болады.

photo5300884702019824944.jpg

Оннан алдын, Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер өткерилиўин тәртипке салыў ҳаққындағы реже жәрияланған еди.

Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер тек ғана бир күн (жерлеў мәресими буған кирмейди) саат 06:00 ҳәм 23:00 аралығында өткериледи.

Аймақлардың шараятларынан келип шығып, халық депутатлары тәрепинен районлық ҳәм қалалық Кеңеслери тәрепинен ас бериў мәресиминиң ўақты өз алдына белгиленеди. Саат 23:00 ден кейин тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди даўам еттириўге жол қойылмайды.

Тойлар шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди 200 ге шекем, усы илажлар мүнәсибети менен ас бериў мәресиминде 250 ге шекем адам қатнасады. Қос тойларда 250 ге шекем, оған байланыслы ас бериў мәресиминде 300 ге шекем адам қатнасыўы мүмкин.

 

ӨзА