Комбинат ходимларига давлатимизнинг юксак мукофотлари топширилди

Алмалық қаласында 24-октябрь күни «Алмалық кән-металлургия комбинаты» акционерлик жәмийети шөлкемлестирилгениниң 70 жыллық сәнеси кеңнен белгиленди.

Тийкарғы байрам илажы комбинаттың «Металлург» мәденият сарайында болып өтти. Салтанатлы илажда ҳүкимет, түрли министрликлер ҳәм уйымлар, ири санаат кәрханаларының басшылары, комбинаттың сырт елдеги шериклери, жәмийеттиң жумысшы-хызметкерлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

26.JPG

Илаж алдынан Президентимиздиң Алмалық кән-металлургия комбинаты жәмәәтине жоллаған қутлықлаўын Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов оқып еситтирди.

Алмалық кән-металлургия комбинаты мыс-молибден, полиметалл, қурамында алтын болған минералларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў бойынша тек ғана Өзбекстан да емес, ал дүньядағы жетекши кәрханалардан бири есапланады. Ҳәзирги ўақытта кәрхана ҳәм оның Ташкент, Наманган, Жиззақ ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларындағы структуралық бөлимлеринде 35 мыңнан аслам жумысшы-хызметкер мийнет етип атыр.

Комбинатты техникалық ҳәм технологиялық модернизациялаў, өндирис процесине алдынғы заманагөй технологияларды, жетик қәнигелерди тартыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылып атырғаны себепли жәмийеттиң өндирислик нәтийжелилиги ҳәм сапасы артпақта. Соның ишинде, комбинат тәрепинен усы жылдың 9 айында баҳасы 1 миллиард 400 миллион доллардан аслам өним ислеп шығарылды. Өсиў өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 131,5 процентти қурады. Әсиресе, катодлы мыс, цинк, алтын, гүмис ислеп шығарыў көлеми сезилерли дәрежеде артты.

18.JPG

Комбинаттың мыс еритиў заводы тәрепинен 100 мың тонна катодлы мыс алынып, жаңа рекорд орнатылды. Экспорт көлеми 655 миллион долларды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,5 есеге көбейди.

Илажда Президентимиздиң быйыл 23-октябрьдеги «Алмалық кән-металлургия комбинаты» акционерлик жәмийетиниң 70 жыллық мүнәсибети менен өндирис алдынғыларынан бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, комбинат жумысшы-хызметкерлерине мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары тапсырылды. Сыйлықларды Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов салтанатлы түрде тапсырды.

10.JPG

– Бул күн мен ушын шын мәнисинде қос байрам сыпатында бир өмирге умытылмас болып қалды, – деди комбинаттың Хонжиза кән басқармасы байытыў фабрикасының реагент еритиўшиси Муаззам Шарапова. – Мәмлекетимиз басшысы мендей бир әпиўайы бир реагент еритиўшисиниң мийнетин баҳалап, «Шуҳрат» медалы менен сыйлықлады. Бул жоқары сыйлық тек ғана меники емес, ал пүткил сурхандәрьялы кәншилер мийнетиниң жоқары жемиси, өз гезегинде, бизге билдирилген исеним ҳәм жуўапкершилик болып есапланады. Бундай жоқары итибар ушын Президентимизден шексиз миннетдарман.

Жақын жылларда комбинат шийки зат базасын баҳасы дерлик 3 миллиард 350 миллион долларға тең муғдарда кеңейтиў, өндирис қуўатлылығын көбейтиўге бағдарланған инвестицияларды өзлестириў режелестирилген.

2023-жылға шекем комбинаттың жыллық минерал қазып алыў көлемин 40 миллион тоннадан 100 миллион тоннаға шекем арттырыў, катодлы мыс ислеп шығарыўды 106 мың тоннадан 250 мың тоннаға шекем, цинк металын ислеп шығарыўды 68 мың тоннадан 120 мың тоннаға шекем, аффинажланған алтынды 14,6 тоннадан 30 тоннаға шекем, аффинажланған гүмисти 98,6 тоннадан 215 тоннаға шекем жеткериў режелестирилмекте.

-Кейинги жылларда комбинатымыздың раўажланыўы соншелли жеделлести, ҳәттеки оны бульдозерши сыпатында сезип атырман, – дейди комбинаттың автомобиль транспорт басқармасының бульдозер машинисти Алексей Дромашко. – Әлбетте, бундай раўажланыў бизлерге және де үлкен жуўапкершилик жүклейди. Президентимиздиң маған уқсаған әпиўайы бульдозершиниң мийнетин жоқары баҳалап, «Дўстлик» ордени менен сыйлықлағаны күшимизге-күш, ғайратымызға-ғайрат қосады. Жанажан Өзбекстанымыздың экономикалық раўажланыўына аз болса-да, үлес қосып атырғанымнан қуўанышлыман.

Олмалиқда 5 тонна ош дамланди

Илаж шеңберинде қаладағы «Дельфин» дем алыў бағында комбинат тәрепинен таярланған ҳәм өндирис процесин сәўлелендиретуғын экспонатлар, модельлер ҳәм макетлердиң көргизбеси көрсетилди. Сондай-ақ, комбинаттың 70 жыллығы ушын арнаўлы таярланған үлкен қазанда Өзбекстан аспазлар ассоциациясының шебер аспазлары тәрепинен 5 тонналық палаў писирилип, Алмалық қаласының халқы, илаж мийманлары ҳәм Балалар үйлерине тарқатылды.

Ерте таңнан қаланың көшелери, мийнет жәмәәтлеринде басланған байрам илажлары комбинат спорт комплексиндеги үлкен байрам концерти менен жуўмақланды.

 

Авазбек ХУДОЙҚУЛОВ,

ӨзАның хабаршысы