ӨзЛиДеП тиң Қанлыкөл районлық кеңеси тәрепинен «Бахытлы» мәдений дем алыў орайында гезектеги сайлаўалды илажы өткерилди. Оған партияның районлық кеңесиниң хызметкерлери, депутатлар, партия белсендилери, исбилерменлер ҳәм фермерлер қатнасты.

Илажда шығып сөйлеген партия белсендилери, электорат ўәкиллери сайлаўға таярлық жумысларының жуўапкерли дәўири басланғанлығын, елимиздеги бес партияның қатарында ӨзЛиДеП партиясы да қызғын түрде таярлық жумысларын алып барып атырғанын атап өтти.

Елимиздеги исбилерменлер ҳәм дийқан-фермерлер себепли көзге тасланып атырған жаңалықлар, жетискенликлер туўралы мағлыўматлар берип, партияның тийкарғы мақсетлериниң бири де исбилерменлик арқалы пуқаралардың абаданлыққа ерисиўи екенлигин айрықша атап өтти.

  • Биз фермер ҳәм дийқан хожалықлары ушын ҳуқықый тийкарларды ҳәм зәрүр шараятларды жетилистириў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде олардың жетекши күшке айланыўының тәрепдарымыз,-дейди,- Қанлыкөл районындағы «Наўрызлы-Истам» фермер хожалығының баслығы К.Джуманиязов. – Барлық партиялар да халықтың тилек ҳәм әрманларын орынлаўда аянбай хызмет етеди, деген үмиттемиз.

Илажда көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.