«Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекеттиң басламасы менен әмелге асырылып атырған бул акцияға бүгин, 24-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайында старт берилди.
Акция Инновациялық раўажланыў министрлиги, БМШтың Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Қарақалпақстан Республикасы акцияның басланыў орайы сыпатында таңлап алынғаны символикалық мәниге ийе. Дүньяда үлкенлиги бойынша төртинши орында туратуғын Арал теңизи бир әўладтың көз алдында жоқ болды. Арал бассейни регионындағы мисли көрилмеген экологиялық жағдай глобал машқалаға айланды. Бүгин бул жерде кең көлемли қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта. Саҳра аймағы жасыл тоғайзарлыққа айландырылмақта.
24-октябрь күни – Бирлескен Миллетлер Шөлкеми қуралған күн болып, бул жәмийетшиликтиң итибарын және бир рет экологиялық машқалаларға тартыў, жасаў ушын қолайлы шараятларды жаратыў, халықты тәшўишке салып атырған мәселелер бойынша мағлыўмат бериў, глобал машқалаларды шешиў ушын халық, сиясий уйымлар ҳәм ресурсларды қаратыўға себеп болып табылады.
Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында да бул акцияны даўам еттириў режелестирилген. Бул ўәлаятларда нәллер тийкарынан суў тәмийнаты шекленген жерлерге егиледи. Усы мүнәсибет пенен қурамалы ықлым шараятларына шыдамлы теректиң түрлери таңлап алынды. Буннан тысқары, нәллерди егиўде суўды үнемлейтуғын технологиялар, соның ишинде, гидрогеннен пайдаланыў режелестирилген.
«Бир миллион терек» акциясының мақсети – тоғайларды кесиўге ҳәм ықлым өзгериўи тәсирине қарсы гүресиў, адамларды ықтыярлы түрде бирлестириў арқалы қолайлы қоршаған орталықты жаратыў, Өзбекстанда тереклерди көбейтиў ҳәм өсириў мәселелерине итибарды қаратыўдан ибарат. Бул жойбарды мәмлекетимизде жылына еки рет: октябрьден декабрьге шекем ҳәм февральдан апрельге шекем өткериў мөлшерленген.
ӨзА