Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында салық нызамшылығындағы соңғы өзгерислерди кең жәмийетшиликке, әсиресе, исбилерменлик субъектлерине жеткериў мақсетинде семинар болып өтти.

Онда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасының Салық сиясатын жетилистириў концепциясы шеңберинде салық жүгин азайтыў ҳәм исбилерменлик субъектлерин салыққа тартыўдағы айырмашылықларды қысқартыў бойынша елимизде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң усы жыл 26-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасының салық сиясатын буннан-былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы буның айқын мысалы бола алады.

Семинарда шығып сөйлеген қәнигелер, усы пәрманға муўапық киргизилген өзгерислер, атап айтқанда, қосымша қун салығы ставкасының 20 проценттен 15 процентке түсирилиўи, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң салық уйымлары тәрепинен банк операцияларын тоқтатып қойыўы бойынша әмелдеги тәртиби бийкар етилгени туўралы мағлыўматлар берип, оның елимиздеги исбилерменликтиң еле де раўажланыўындағы әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Сондай-ақ, илаж даўамында комитет жанындағы «Салық плюс» ҳәм «Налог плюс» газеталары редакцияларының хызметкерлери илаж қатнасыўшылары менен сәўбетлесиў өткерип, газетаның мақсет ҳәм ўазыйпалары, имиджи, имканияты ҳәм таңлаған жолы бойынша мағлыўматлар берди ҳәм оларды бирге ислесиўге шақырды.

– Елимизде исбилерменликти раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ең әҳмийетли ўазыйпа сыпатында қаралмақта,-дейди «Автодакар» ЖШЖның бас есапшысы Т.Аймуратов. – Қосымша қун салығы ставкасының 20 проценттен 15 процентке түсирилиўи болса, исбилерменлик субъектлери ушын үлкен имканиятлар есигин ашып берди. Себеби, кәрханамыздың ықтыярында қалған 5 процент есабынан өзимиз ушын керекли үскенелерди сатып алыўға, сондай-ақ, қосымша жумыс орынларын жаратыўға мүмкиншилик пайда болды.

Илажда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған басқа да көплеп сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.