Бирлескен Араб Әмирликлериниң Фужайра қаласында бокс бойынша жас өспиримлер арасында өткерилген Азия чемпионатында сайланды командамыз 8 алтын, 3 гүмис ҳәм 9 бронза медалын қолға киргизди.

Жарыстың қызлар арасындағы финал басқышында Сабина Бобоқулова, Феруза Казакова, Нигина Ўктамова, Азиза Зокирова барлық қарсыласларды жеңилиске ушыратып, пьедесталдың ең жоқары пағанасынан орын алды. Ер балалар арасында Азизбек Тожиев, Логин Петров, Нусратбек Тоҳиров, Жаҳонгир Зокиров Азия чемпионына айланды.

Финалға шекем өткен беллесиўлерде жеңиске ерискен Билолбек Ихволов, Бекзод Бекмуродов ҳәм Моҳира Аҳмедова гүмис медалы менен сыйлықланды. Сондай-ақ, Иқболжон Қудратов, Асрорбек Шаҳобиддинов, Анвар Болтабоев, Ғофуржон Тоҳиров, Жаҳонмурод Имомалиев, Аълохон Абдуллаев, Моҳларойим Савриддинова, Руҳшона Ўктамова ҳәм Шаҳноза Эргашева өзлериниң салмақ категорияларында бронза медалын қолға киргизди.

photo5280850827067632895.jpg

Сондай-ақ, жарыс шөлкемлестириўшилери тәрепинен Азия чемпионатының ең жақсы боксшысы, деп 48 килограммға шекем салмақта мәмлекетимиздиң абырайын мүнәсип қорғаған Сабина Бобоқулова табылды.

Усы тәризде Азия чемпионатында 20 медальға ийе болған Өзбекстан сайланды командасы улыўмакоманда есабында бириши пағанадан орын алды.

 

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА