2019-жыл 11-октябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма үшинши жалпы мәжилиси жумыс баслады.

Жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Сенаторлар жумысты «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын додалаўдан баслады. Нызамда банк жумысын әмелге асырыўға рухсат бериў, банк жумысының өзине тән тәўекелшиликлерин қадағалаў, соның ишинде, тәўекелшиликлерди басқарыўға байланыслы талаплар белгиленген. Атап айтқанда, банклердиң устав капиталының муғдары 100 миллиард сумды қурайды.

Нызам менен банкти шөлкемлестириў, банклерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын дәслепки рухсат бериў, банк жумысына лицензияларды бериў, инвесторлар тәрепинен банк акцияларын Орайлық банктиң келисимисиз сатып алыў тәртиби жетилистирилмекте. Сондай-ақ, банклераралық операциялар, банклер ҳәм олардың қарыйдарлары арасындағы қатнасықлар, кредитлер, депозитлер бойынша процент ставкалары, сондай-ақ, кредитлердиң қайтарылыўын тәмийинлеў тәртипке салынбақта. Финанслық мәкемелер тийисли хызмет көрсетиў, мәлимлеме усыныў, мүрәжатларды көрип шығыў ҳәм монополияға қарсы қағыйдаларға банклердиң әмел етиўин қадағалаў арқалы банк хызметлеринен пайдаланыўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў белгилеп қойылмақта.

Сондай-ақ. Нызам менен пруденциал қадағалаў механизми енгизилмекте. Ол тийисли нормативлер, банклердиң финанслық жағдайын тиклеў режеси, өз-ара байланыслы шахслар менен келисимлер дүзиўди тәртипке салыў, банклерге тәсиршең илажларды көриў ушын ўақытша басқарыўды тайынлаў, банк тәўекелшиликлери пайда болғанда оларды ерте анықлаў ҳәм банк жумысының турақлылығын тәмийинлеўди өз ишине алады.

Буннан тысқары, банклерде есап, есап бериў ҳәм аудиторлық тексериўи ҳаққындағы нормалар киргизилмекте. ол бухгалтериялық есапты жүргизиўди, финанслық мәкемелердиң есап бериўин банк операцияларына байланыслы ҳүжжетлерди сақлаўды, банклердиң аудиторлық тексериўин ҳәм аудиторлық тексериўди әмелге асыратуғын тийисли шөлкемге қойылған талапларды өз ишине алады.

Парламент ағзалары Нызамның қабыл етилиўи аманатшылар ҳәм банк хызметкерлеринен басқа  пайдаланыўшылардың ҳуқықлары менен мәплерин есапқа алған ҳалда банклердиң турақлылығын тәмийинлеў ҳәм олар арасында нәтийжели бәсеки орталығын жаратыўға байланыслы илажларды әмелге асырыўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты. Нызамда Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң ҳуқықый статусы, ўәкилликлери, ўазыйпалары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен бирге ислесиўи беккемлеп қойылған. Мәмлекеттиң бас финанслық шөлкеми Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына есап береди. Олий Мажлис Сенаты Орайлық банктиң жыллық есабатын аудиторлық шөлкеминиң берген жуўмағы менен бирге көрип шығады.

Орайлық банк үшинши шахсларға финанслық жәрдем көрсетиў менен шуғылланыўға, буған өз қарамағындағы шөлкемлер кирмейди, коммерциялық жумысын әмелге асырыўға, үшинши шахслардың, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң миннетлемелери бойынша кепилликлерди бериўге, банклердиң капиталларында ҳәм басқа да юридикалық шахслардың устав фондларында қатнасыўға, буннан валюта биржасының, сондай-ақ, Орайлық банктиң жумысын тәмийинлейтуғын өз қарамағындағы шөлкемлердиң капиталларында қатнасыўы буған кирмейди, ҳақылы емес екенлиги Нызамда белгиленбекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул Нызамның қабыл етилиўи пул-кредит сиясатын қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыўда жаңа көз қараслар ҳәм принциплерди енгизиўге ҳәм банк системасын раўажлаандырыўдың турақлы пәтлерин қоллап-қуўатлаўға, улыўма банк системасы ҳәм Орайлық банктиң турақлы жумыс алып барыўының нәтийжели қадағаланыўын тәмийинлейди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейин сенаторлар «Валютаны тәртипке салыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын додалады. Бул нормативлык-ҳуқықый ҳүжжет валюта операцияларын әмелге асырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған. Нызамның тийкарғы принциплери төмендегилерден ибаратF валютаны тәртипке салыў және валютаны қадағалаў системасының бирден-бир екенлиги, валютаны тәртипке салыў ҳәм валютаны қадағалаў тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда экономикалық илажлардың әҳмийетли екенлиги, резидентлер ҳәм резидент емеслердиң валюта операцияларына мәмлекетлик уйымлардың нызамға қайшы түрде араласыўына жол қойылмайтуғыны. Нызам менен Орайлық банк валютаны тәртипке салыўшы мәмлекетлик уйым етип белгиленген.

Парламент ағзаларының атап өтиўинше, бул Нызамның қабыл етилиўи резидентлер ҳәм резидент емеслердиң валюта операцияларын әмелге асырыўда өз валюта қаржыларын еркин бақарыўы бойынша ҳүқықларын толық әмелге асырыўға, әмелиятта ушырайтуғын валюта операцияларын өткериўдиң имканияты болғанынша барлық мәселелерин тәрийплеўге, сондай-ақ, мәмлекеттиң экономикалық мәплерин есапқа алған ҳалда капиталдың ҳәрекетлениўи менен байланыслы операцияларды тәртипке салыў имканиятын беретуғын нызамшылық базасын шөлкемлестириўге хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

«Төлкемлер ҳәм төлем системалары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы сенаторлар додаланған күн тәртибиндеги және бир мәселе болды. Нызам төлем хызметлерин жеткерип бериўши ҳәм төлем хызметлеринен пайдаланыўшы болған физикалық ҳәм юридикалық шахслар арасында төлемлерди әмелге асырыў және төлем хызметлерин көрсетиў ўақтында жүзеге келетуғын қатнасықларға енгизиледи. Нызамның әмел етиўи крипто-активлерге байланыслы операцияларға енгизилмейди.

Буннан тысқары. төлем хызметлерин жеткерип бериўшилердиң ҳәм төлем хызметлеринен пайдаланыўшылардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, төлем хызметлери системасын раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыў, сондай-ақ, нақ пулсыз есап-санақ системасының раўажландырылыўын қоллап-қуўатлаў төлемлер ҳәм төлем системалары тараўындағы мәмлекеттиң сиясаттың тийкарғы бағдарлары есапланады.

Нызамға тийкарғы түсиниклер киргизилип, төлем системасы ҳәм оның қатнасыўшылары, операторларға тәрийп берилмекте, олардың функциялары, сондай-ақ, төлем системаларының түрлери ҳәм олардың әҳмийетли екенлигин анықлаў нормалары. оларды сақлап турыў қағыйдалары ашып берилмекте, тәўекелшиликлерди басқарыў системасына, әҳмийетли төлем системасының ислеўин өзин-өзи баҳалаўдан өткериўге, төлем системасындағы төлемлердиң жуўмақланғанлығына байланыслы нормалар белгиленбекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, Нызамның қабыл етилиўи төлемлер ҳәм төлем системалары тараўында бирден-бир мәлимлеме ҳәм ҳуқықый статус жаратылыўын, Орайлық банк тәрепинен төлем хызметлери базарының нәтийжели тәртипке салыныўын, төлкем системаларының жумысын, төлем системалары операторларының жумысын тәмийинлеў, төлем хызметлеринен пайдаланыў, соның ишинде, аўыллық ҳәм узақ жерлерде пайдаланыў имканиятын ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў, электрон пуллар тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў бойынша илажлардың көрилиўине жәрдемлеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейин жалпы мәжилис қатнасыўшылары «Илим ҳәм илимий жумыс ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты. Нызамның мақсети илим ҳәм илимий жумыс тараўындағы қатнасықларды тәртипке салатуғын, илимий жумыс тараўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў принциплерин ҳәм қоллап-қуўатлаўдың түрлерин белгилейтуғын бирден-бир ҳуқықый ҳүжжетти жаратыў, сондай-ақ, мәмлекеттиң социаллық-экономикалық ўазыйпаларын шешиўде илимий идеялар, қолланбалар ҳәм технологиялардың имканиятларын кеңейтиў ҳәм миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўден ибарат.

Атап өтилгениндей, Нызамда илимий дөретиўшилик ҳәм мәлимлеме еркинлиги, нәтийжелилик ҳәм дөретиўшилик бәсеки, мәпдарлық ҳәм хошаметлеў, илимий экспертизаның қалыс екенлиги, инсан өмири ҳәм денсаўлығы, қоршаған орталыққа зыян жеткермеўден ибарат илим ҳәм илимий жумыс тараўының тийкарғы принциплери белгиленбекте.

Илим ҳәм илимий жумыс тараўының тийкарғы түсиниклери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, жоқары билимлендириў системасы, сондай-ақ, бойсыныўында илимий шөлкемлер болған министрликлер, уйымлар және шөлкемлер, илим ҳәм илимий жумыс тараўындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының илим ҳәм илимий жумыс тараўындағы ўәкилликлери белгиленбекте.

Буннан тысқары, Нызамда илимий жумыс субъектлери шеңбери, олардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери, жоқары билимлендириў мәкемелеринде илимий жумысты жүргизиў тәртиби ашып берилген. Соның ишинде, белгилеп қойылыўынша, жоқары билимлендириў процеси менен бирге илимий жумыс та жүргизиледи ҳәм усы мәкемелердиң педагог кадрлары тийисли бағдарларда илимий жумыс пенен шуғылланыўы шәрт.

Илим ҳәм технологияларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары, мәмлекетлик илимий бағдарламалары, илим ҳәм билимлендириўдиң және өндиристиң үзликсиз байланыслығы, илимий дәрежели кадрларды таярлаўға байланыслы нормалар нәзерде тутылмақта. Атап өтилгениндей, Нызамның қабыл етилиўи илимий ҳәм илимий-техникалық жумыстың барлық қаатнасыўшыларының нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеўге, илимий жумыс тараўындағы ҳуқықый, экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик қатнасықларды, тийисли мәселелерди тәртипке салыўға, сондай-ақ, илим тараўындағы түсиниклердиң үйлестирилиўи ҳәм бир түрде талланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин Сенат ағзалары «Ана сүти менен азықландырыўды қоллап-қуўатлаў және нәрестелер ҳәм киши жастағы балалардың азық-аўқат өнимлерине байланыслы талаплар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын додалады.

Бул нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет алдын Олий Мажлис Сенатының жигирма биринши жалпы мәжилисинде көрип шығылып, оны жетилистириў оғада зәрүр екенлиги себепли сенаторлар тәрепинен қайтарылған еди. Нызамның жаңа редакцияда ҳәм атамасында алдынғы додалаўлар ўақтында экспертлер тәрепинен билдирилген барлық пикир-усыныслар есапқа алынды.

Нызамға ҳәр тәреплеме таяныш түсиниклери киргизилмекте. Нәресте, нәрестелер ҳәм киши жастағы балалардың азық-аўқат өнимлери, киши жастағы балалар, ана сутиниң орнын басатуғын өнимлер, жасалма түрде аўқатландырыў, сондай-ақ, қосымша аўқат өнимлери сыяқлы түсиниклер ашып берилмекте. Ҳәмиледар ҳаяллар, емизиўли аналар, нәрестелер ҳәм киши жастағы балалардың ана сүти менен азықландырыўға болған ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў сыяқлы ана сүти менен азықландырыўды қоллап-қуўатлаў және нәрестелер ҳәм киши жастағы балаларды азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары етип белгиленбекте.

Министрлер Кабинети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ана сүти менен азықландырыўды қоллап-қуўатлаў және нәрестелер ҳәм киши жастағы балаларды азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў тараўында мәмлекетлик басқарыўды әмелге асырады. Буннан тысқары, усы уйымлардың ўәкилликлери де белгиленбекте.

Нызамда нәрестелер ҳәм киши жастағы балалар ушын мөлшерленген, қайта исленген өнимнен алынған шийки затты қолланыўға жол қойылмайтуғыны анық белгилеп қойылмақта. Нәрестелер ҳәм киши жастағы балалар ушын мөлшерленген, санитария қағыйдалары және нормаларына муўапық болмаған азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў, жоқ етиў ямаса олардан азық-аўқат талапларынан басқа да талаплар ушын пайдаланыў усыллары ҳәм шәртлери олардың ийелери тәрепинен қадағалаўшы мәмлекетлик уйымлар менен келисиледи.

Сөзге шыққанлардың атап өткениндей, Нызамның қабыл етилиўи биринши күнинен баслап нәрестелердиң ақылға уғрас аўқатланыўын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыўға, тек ғана ана сүти менен азықландырылатуғын балалардың санын турақлы арттырып барыўға, олардың саламат өсиўин тәмийинлеўге, нәрестелер ҳәм балалар арасында кеселликке шалыныў ҳәм өлим көрсеткишлерин азайтыўға жәрдемлеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар «Меценатлық ҳаққында»ғы Нызамды көрип шықты. Атап өтилиўинше, Нызам мәденият ҳәм көркем өнерди, сондай-ақ, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы илимди, билимлендириўди, ағартыўшылықты және басқа да жумысларды раўажландырыў мақсетинде қәўендерлик жумысын әмелге асырыўда жүзеге келетуғын қатнасықларды тәртипке салады.

Нызамға таяныш түсиниклер киргизилип, онда меценат, меценатлық (меценатлық жумысы), меценатлық жәрдеми, меценатлық жәрдемин алатуғын түсиниклер ашып берилмекте. Нызамға бола меценатлық  жумысы Өзбекстан Республикасының мәдений мийрас объектлерин сақлаў, қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ушын шараятларды жаратыў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы кәсиплик жумысты қоллап-қуўатлаў, Өзбекстан Республикасының мәдений мийрас объектлерин сақлаў, қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды және басқа да бағдарламаларды, жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жас талантларды ҳәм ғайраткерлерди қоллап-қуўатлаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың усы тараўды раўажландырыўда қатнасыўы ушын мәнаўий хошаметлеў мақсетлеринде әмелге асырылады.

Физикалық ҳәм юридикалық шахслар меценатлық жумысын ықтыярлылық және бул жумыстың мақсетлерин еркин таңлаў тийкарында тосқынлықсыз әмелге асырыўға ҳақылы болып табылады. Нызамға бола меценатлар ҳәм меценатлық жәрдемин алыўшылар меценатлық жумысының субъектлери есапланады. Өзбекстан Республикасының резидентлери ҳәм резидент емеслери меценатлар болыўы мүмкин.

Атап өтилгениндей, Нызамның қабыл етилиўи меценатларды хошаметлеўдиң қосымша материаллық емес усылларын жаратыўға, сондай-ақ, финанслық активлерди мәденият ҳәм көркем өнерге жедел тартыўды хошаметлеўге хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Қорғаныў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты. Бул Нызамның мақсети қорғаныў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. Нызамның тийкарғы ўазыйпалары қорғаныўды шөлкемлестириўдиң ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерин басқарыўдың ҳуқықый тийкарларын белгилеўден, мәмлекеттиң қорғалыўын тәмийинлеўде мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлерин, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың қатнасыўын анықлаўдан ибарат.

Нызам бойынша қорғаныў – бул Өзбекстан Республикасының суверенитетин, аймақлық  пүтинлигин, халықтың тыныш турмысы ҳәм қәўипсизлигин қорғаўды тәмийинлеў бағдарындағы сиясий, экономикалық, әскерий, социаллық-ҳуқықый, мәлимлемеге байланыслы, шөлкемлескен ҳәм басқа да түрдеги илажлардың системасы болып табылады. Ғәрезсизликти, суверенитетти, аймақлық  пүтинликти ҳәм конституциялық дүзимди қорғаў, мәмлекеттиң әскерий қәўипсизлигин тәмийинлеў, Орайлық Азияда халықаралық ҳәм регионаллық бирге ислесиўди, қәўипсизликти, турақлылықты ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў, мәмлекеттиң әскерий шөлкемин турақлы түрде раўажландырыў, оны Өзбекстан Республикасын қураллы қорғаўға таяр ҳалатта сақлап турыў қорғаныў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы мақсетлери сыпатында белгиленбекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нормативлик ҳуқықый ҳүжжеттиң қабыл етилиўи Өзбекстан Республикасының қорғаныў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин буннан былай да жетилистириўге, оннан келип шығатуғын ҳәм мәмлекетти қорғаныўға таярлаў мәселелерин тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, устав ҳүжжетлерин ислеп шығыўды даўам еттириў ушын тийкарларды жаратыўға, Өзбекстан Республикасының қорғаныў тараўындағы сыртқы сиясатының ашық-айдынлығын кеңнен көрсетиўге жәрдемлеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң жалпы мәжилисте «Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы көрип шығылды.

Басқарыў усылын таңлаў еркинлиги, өзин-өзи басқарыў, коллегияллық, ашық-айдынлық, шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық жақтан еркинлик, орынлардың мүлк ийелери алдында турақлы түрде есап беретуғын көп квартиралы турақ жайларды басқарыўдың тийкарғы принциплери есапланады.

Буннан тысқары, Нызамда көп квартиралы турақ жай ҳәм улыўмалық мүлк сыяқлы түсиниклер ашып берилмекте. Соның ишинде, көп квартиралы турақ жайға тутас жер участкасына ямаса бундай турақ жайдағы улыўмалық пайдаланылатуғын орынларға еркин шығыў жолларына ийе болған еки ҳәм оннан аслам квартиралар көп квартиралы турақ жайдеп тән алынады.

Көп квартиралы турақ жайдағы улыўмалық орынлар, таяныш ҳәм тосық конструкциялар, квартиралар аралығындағы қоршаланған басқалдақлар, текшелер, лифтлер, лифттиң шахталары және басқа да шахталар, дәлизлер, техникалық қабатлар, жер төлелер, чердаклар ҳәм жайдың төбеси, турақ жай ишиндеги инженерлик тармақлары ҳәм коммуникациялары, орынлардың сыртында ямаса ишинде жайласқан және биреўден артық орынға хызмет көрсететуғын механикалық, электр, санитария-техника үскенелери ҳәм қурылмалары және басқа да үскенелер ҳәм қурылмалар улыўмалық мүлк есапланады.

Белгилеп қойылғанындай, көп квартиралы турақ жайға тутас жер участкасы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен көп квартиралы турақ жайдағы орынлардың мүлк ийелерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратылады, көп квартиралы турақ жайды басқарыў усылы көп квартиралы турақ жайдағы орынлар мүлк ийелериниң улыўма мәжилисинде белгиленеди. Бунда Нызамға бола улыўмалық мүлк, егер оның басқа шахсқа берилиўи ямаса пайдаланыўы ушын өткерилиўи басқа мүлк ийелериниң өз мүлкине болған ҳуқықларын әмелге асырыўын шеклейтуғын болса, басқа шахсқа берилиўи ямаса бир яки бир неше мүлк ийесине ямаса басқа бир шахсларға пайдаланыў ушын өткерилиўи мүмкин емес.

Атап өтилиўинше, Нызам узақ ҳәм жақын сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесин есапқа алған ҳалда ислеп шығылған. Бул болса оның нәтийжелилигин ҳәм тәсиршеңлигин тәмийинлейди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң Сенат ағзалары «Жоқары дәрежели «Дослық» орденин енгизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты. Нызам Жоқары дәрежели «Дослық» орденин енгизиўди, оның Режесин ҳәм сыпатламасын тастыйықлаўды, сондай-ақ, «Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққында»ғы Өзбектсан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутады.

Режеде белгилениўинше, Жоқары дәрежели «Дослық» ордени менен Өзбекстан Республикасы пуқаралары ҳәм айырым жағдайларда пуқаралығы болмаған шахслар туўысқан халықлар арасында көп әсирлик дослық ҳәм қоңсышылық қатнасықларды беккемлеў, жәмийет ҳәм халықлардың аўызбиршилигин қәлиплестириўдеги айрықша хызметлери ушын сыйлықланады. Сондай-ақ, орден ҳәр тәреплеме стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыў, аймақлараралық келисимлерге ерисиўдеги табыслы мийнети және халықлар арасындағы өз-ара аўызбиршилик ҳәм исенимди беккемлеўде белсене қатнасқаны ушын да бериледи.

Атап өтилгениндей, Нызамның қабыл етилиўи қоңсы ҳәм сырт мәмлекетлер менен көп әсирлик дослық ҳәм жақын қоңсышылық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге, олар менен ҳәр тәреплеме стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыўға, сондай-ақ, тарийхый мийрас, мәнаўий қәдириятлар ҳәм дәстүрлерди сақлаў және көбейтиўге хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң парламенттың жоқары палатасы ағзалары «Өзбекстан Республикасы мәлимлеме-китапхана системасы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республиксының Нызамын көрип шықты. Нызамның мақсети ҳәм ўазыйпасы мәлимлеме-китапхана системасы хызметкерлерин хошаметлеў, бул кәсиптиң абырайын арттырыў, китапханашылық жумысына жас, раўажланыўды сүйетуғын кадрларды тартыўдан ибарат. Бул мәлимлеме-китапхана мәкемелерин алдынғы технологияларды енгизиў тийкарында раўажландырыўға ҳәм жумысын шөлкемлестириўди жетилистириўге жәрдем береди.

Атап өтилиўинше, бул Нызамның қабыл етилиўи мәлимлеме-китапхана тараўының раўажланыўына сезилерли дәрежеде тәсир көрсетиўге, бул тараў мәкемелерин халық, соның ишинде, жаслар арасында кеңнен ғалаба ен жайдырыўға, жоқары маманлықтағы кадрлардың санын арттырыўға хызмет етеди. Нызамға бола, 21-май – Өзбекстан Республикасы мәлимлеме-китапхана системасының хызметкерлери күни етип белгиленген. Сенаторлар тәрепинен Нызам муқулланды.

Буннан кейин парламент ағзалары «Кредиторларды ҳуқықый жақтан қорғаўдың күшейтилиўи және исбилерменлик жумысын қаржыландырыў механизмлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам  ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты. Нызам Өзбекстан Республикасының 5 нызамы ҳәм 6 кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киригизиўди нәзерде тутады. Соның ишинде, Жынаят-процессуал кодексине киргизилип атырған нормаға бола мүлкти хатлаў ҳаққындағы қарар шығарылғаннан кейин сорастырыўшы ямаса тергеўши гиреў реестрине бир күн ишинде тийисли жазыўды киргизеди, мүлкти хатлаў ҳаққында судтың ажырымы шығарылғаннан кейин болса нызам ҳүжжетлерине муўапық ўәкилликли болған уйымлар тәрепинен үш сутка ишинде сондай жазыў киргизиледи.

Пуқаралық кодекси кредиторлардың талапларын қарыздардың миннетлемелери орынланыўының тәмийнаты сыпатында берилген мүлки есабынан қанаатландырыў, гиреў предметин идентификациялаў, гиреўге қойылған, судтан тысқары тәртипте өндириўге қаратылған мүлкти сатыў ҳаққындағы нормалар менен толықтырылмақта.

Экономикалық процессуал кодекске киргизилип атырған өзгериске бола, егер өндириўши қарыздардың миннетлемелери орынланыўының тәмийнаты болған көшпели мүлкке қаратыў ҳаққында талап билдирилген болса, судтың буйрығы судья тәрепинен жеке тәртипте бериледи.

Пуқаралық процессуал кодекске киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға бола, судтың буйрығы, егер өндириўди қарыздардың миннетлемелери орынланыўының тәмийнаты болған көшпели мүлкке қаратыў ҳаққында талап арзасы берилген болса бериледи. Судтың буйрығын бериў ҳаққындағы арзада төленбеген төлемлер суммасының есап-санағы ҳәм өндириў қаратылып атырған, қарыздардың миннетлемелери орынланыўының тәмийнаты сыпатында турған көшпели мүлк сыпатламасы келтирилиўи керек. Султың буйрығында өндирилиўи тийис болған пул суммаларының муғдары ямаса өндириўге қаратылып атырған, қарыздардың миннетлемелери орынланыўының тәмийнаты сыпатында турған көшпели мүлк оның сыпатламасы ҳәм баҳасы көрсетилген ҳалда болыўы керек.

Нызамның қабыл етилиўи халық ҳәм киши бизнести қаржыландырыў имканиятын, Өзбекстанның халықаралық рейтингин, кешиктирилген кредитлердиң дәрежесин азайтыўға ҳәм финанс системасының турақлылығын арттырыўға жәрдем беретуғыны атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен муқулланды.

Буннан кейин жалпы мәжилисте «Айырым мәмлекетлик уйымлардың жумысы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Републикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы көрип шығылды. Нызам Өзбекстан Республикасының 11 нызамы ҳәм 7 кодексине өзгерислер ҳәм қсоымшалар киргизўди нәзерде тутатды. Соның ишинде, Бас прокуратура жанындағы Инспекция Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекицясы етип қайта шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен «Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққында»ғы, «Нәсилшилик ҳаққында»ғы, «Прокуратура ҳаққында»ғы, «Селекция жетискенликлери ҳаққында»ғы, «Туқымгершилик ҳаққында»ғы  Өзбекстан Республикасы нызамларына, сондай-ақ, Жынаят-процессуал кодексине, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ҳәм Салық кодексине тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ўазыйпалары және ўәкилликлери шеңбериниң кеңейтилиўи, оның аппараты жумысының реформаланыўы мүнәсибети менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил ҳәм оның аппараты хызметкерлериниң нызамлы жумысына тосқынлық еткени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте. Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкилдиң ҳәм оның аппараты хызметкерлериниң исбилерменлик жумысы тараўындағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы баянатын дүзиў ҳуқықы нәзерде тутылмақта.

«Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳаққында»ғы Нызамда исбилерменлик субъектлери жумысын тексериўди ҳәм қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тексериўдиң нызамлы екенлигин қадағалаўды муўапықластырыў ўазыйпасы нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, ҳәкимшилик жуўапкершиликти келтирип шығаратуғын нызам ҳүжжетлери бузылған ҳалатлар бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында баянатын дүзиў ҳуқықы белгиленбекте.

Пуқаралық-процессуал кодексте, Экономикалық процессуал кодексте, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилдиң пуқараларлық ислери бойынша судлардың, сондай-ақ, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судлардың күшке кирген қарарлары үстинен кассация ҳәм қадағалаў тәртибинде шағым етиў бойынша ҳуқықы нәзерде тутылмақта.

Атап өтилгениндей, Нызамның қабыл етилиўи прокуратура уйымларының күшин ҳәм қуралларын прокуратураның тийкарғы мақсетлери ҳәм ўазыйпаларын кәсиплик орынлаўға қаратыў арқалы олардың жумысын жетилистириўге, Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкилдиң өз жумысы тараўындағы ўәкилликлерин беккемлеўге, сондай-ақ, оның аппараты хызметкерлерин хошаметлеўге, ветеринариялық қадағалаўды күшейтиўге ҳәм ветеринария сервисиниң сапасын арттырыўға, мәмлекеттиң эпизоотикалық абаданлығын ҳәм азық-аўқат қәўиспизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар «Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы уйымлары жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызамды көрип шықты.

Нызам Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине, Салық кодексине, «Сиясий партиялар ҳаққында»ғы, «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы, «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасың Қорғаныў доктринасына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутады. Соның ишинде, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы әскерий хызметкериниң (қәнигесиниң) нызамлы талапларын орынламаў, усы уйым хызметкериниң (қәнигесиниң) өз хызмет ўазыйпасын атқарыўына тосқынлық көрсеткенлиги ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын ҳәм бул ҳуқықбузарлықлар ҳәкимшилик судлар тәрепинен көрип шығылыўын белгилейтуғын статьялар менен толықтырылмақта.

«Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы толықтырылмақта. Соның ишинде, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын тиккелей әмелге асыратуғын уйымлар ҳәм мәкемелердиң системасы Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы уйымлары менен толықтырылмақта және оның ўәкилликлери нәзерде тутылмақта. Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы уйымларының жумысында олардың ҳуқықлары менен миннетлемелерин және ўәкилликлерин беккемлеўге жәрдем береди. Нызам сенаторлар тәрепинен маулланды.

Буннан кейин, парламент ағзалары «Сырт ел пуқараларының ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың Өзбекстан Республикасында ўақытша болыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершилиги либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты. Нызам менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодекси, Жынаят-процессуал кодекси ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта.

Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексинен 224-статья (Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдаларын бузыў) шығарып тасланбақта. Бундай жағдай усы статьяда нәзерде тутылған жынятлардың саны азайғанлығы менен түсиндириледи. Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексиниң 3812-статьясына Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 224-статьясында нәзерде тутылған жынаятлар жынаят категориясынан шығарылыўы мүнәсибети менен ишки ислер уйымлары тәрепинен сорастырыў өткериўди бурынғысынан басқаша түрде қолланыўды нәзерде тутатуғын тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларын парықлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилиги ҳаққындағы кодексиниң тийисли статьяларына өзгерислер киргизилмекте. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Олий Мажлис Сенаты ағзалары «Бажыхана ҳәкимшилигиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты. Нызамда бажыхана тараўындағы ҳуқықбузарлықлары ушын жәрийма муғдарларын арттырыў нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, жәрийма санкцияларының арттырылыўы ҳуқықбузарлықлардың төмендеги түрлерине қолланылады: бажыхана уйымының руқсатысыз бериў, товарлар, транспорт қураллары ҳәм олардың ҳүжжетлерин жоқ етиў ямаса жеткерип бермеў, бажыханада рәсмийлестирилиўи тамамланбаған товарлар ҳәм транспорт қуралларын басқарыў ҳәм тағы басқалар.

Соның менен бирге, Нызамда ҳәкимшилик жаза қолланғаннан кейин отыз күн ишинде товар ҳәм транспорт қураллары қайтарып алынбаса, пуқаралар ушын товар ҳәм транспорт қуралларын мәмлекет есабына алыў нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, тийисли статьяларда нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар ушын транспорт қуралларын услаў ҳәм көзден өткериўге байланыслы бажыхана уйымлары лаўазымлы шахсларының ҳуқықы беккемленбекте.

Соны да айрықша атап өтиў керек, Нызамның қабыл етилиўи нызам үстинлигин тәмийинлеўди даўам еттириўге, сондай-ақ, товарларды бажыхана шегарасынан алып өтиў бойынша нызамсыз жумыс пенен шуғылланып атырған шахслардың жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди. Нызам санаторлар тәрепинен мақулланды.

Парламенттиң жоқары палатасы ағзалары «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты. Атап өтилгениндей Нызам 8 нызамға ҳәм 4 кодекске өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутады.

Соның ишинде, «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы Нызамда белгилеп қойылыўынша, тәбиятты қорғаўды тәмийинлеўдиң экономикалық механизми экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралардың денсаўлығын ҳәм қоршаған орталықты дөңгелекли транспорт қураллары, өзи жүрер машиналар ҳәм олардың тиркемелери өзиниң тутыныў қәсийетлерин жойытқаннан кейин жүзеге келетуғын шығындылардың зыянлы тәсиринен қорғаў ушын утилизация жыйымын өндириўди нәзерде тутады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери прогнозы ҳәм мәмлекетлик бюджет параметрлери және 2020-2021-жылларға бюджет мөлшерлери ҳаққында» 2018-жыл 26-декабрьдеги ПҚ-4086-санлы қарарының 28-бәнти тийкарында 2019-жыл 1-январьдан баслап зәрүрли мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа және жерлеў мәресими ушын напақаларды төлеў қәрежетлерин қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылады. Усы мүнәсибет пенен «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы, «Жерлеў ҳәм жерлеў иси ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралардың денсаўлығын ҳәм қоршаған орталықты дөңгелекли транспорт қуралларының техникалық қәсийетлери ҳәм гөнериўин есапқа алып, олардан пайдаланыўдың зыянлы тәсиринен қорғаў ушын шараятлар жаратыў, сондай-ақ, мотор транспорт қуралларын утилизациялаў механизмлерин жәҳән әмелиятына муўапық буннан былай да жетилистириў мақсетинде «Шығындылар ҳаққында»ғы Нызам утилизация жыйымына байланыслы норма менен толықтырылмақта.

«Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўы және пайдаланылыўын шеклеў ҳаққында»ғы Нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Нызамның қабыл етилиўи тийисли тараўларда нызам ҳүжжетлерин ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын буннан былай да жетилистириўге жәрдемлесетуғыны атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин Сенат ағзалары тәрепинен «Мәдений көринислердиң ҳәр қыйлы түрлерин қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы халықаралық конвенцияны (Париж 2005-жыл 20-октябрь) ратификациялаў ҳаққындағы» және  «Өзбекстан Республикасының биологиялық көптүрлилик ҳаққындағы Конвенцияның биоқәўипсизлик бойынша Картахена протоколына қосылыўы  (Монреаль, 2000-жыл 29-январь) ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамлары додаланды ҳәм мақулланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жигирма үшинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўамақланды.

 

Өзбекстан Республикасы Олий

Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети

 

ӨзА