Тынышлық бойынша Нобель сыйлығы Эфиопия бас министри Абий Аҳмадқа мәмлекеттиң Эритрея менен шегара машқаласын шешиўде қосқан үлеси ушын берилди.

Абий Аҳмад 1976-жылы 23-апрельде туўылған. 2010-жылда ол подполковник атағы менен әскерий хызметтен кетеди ҳәм мәмлекет парламентиниң төменги палатасы – Ҳалық ўәкиллери кеңесиниң депутаты етип сайланады. Бул ўазыйпада ол христианлар ҳәм мусылманлар арасындағы диний келиспеўшиликлерди сапластырыўға, сондай-ақ, Аддис-Абебаға жақын болған жерлерди нызамсыз түрде ийелеп алыўға қарсы гүресиўге итибар қаратқан. 2014-жылда Абий Аҳмад Эфиопияның илим ҳәм технологиялар бойынша Мәлимлеме орайы директоры, 2015-жылда Илим ҳәм технологиялар министри, 2018-жыл 1-апрельде көпшиликтиң даўыс бериўи менен ҳүкимет баслығы лаўазымына тайынланған.

 

Малоҳат Ҳусанова, ӨзА