2019-жыл 9-октябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасында гезектеги парламентлик еситиўи өткерилди. Онда Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси Президиумының Бийдай жетистиретуғын фермер хожалықларының финанслық турақлылығын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине жоллаған Мүрәжатнамасы додаланды.

Алдын хабар берилгениндей, быйыл 2-октябрь күни парламенттиң төменги палатасына Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесинен бийдай жетистиретуғын фермер хожалықларының финанслық турақлылығын тәмийинлеў бойынша Мүрәжатнама келип түскен еди. Сол күни Нызамшылық палатасындағы барлық сиясий партиялардың фракциялары өз мәжилислерин өткерди. Оларда фракцияның басшылары ҳәм ағзалары менен бирге, палата комитетлериниң баслықлары, депутатлар, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери де қатнасты.

Мәжилисте Мүрәжатнаманы үйрениў менен бирге мәмлекетлик сатып алыўларында фермерлер тәрепинен жетистирилген бийдайға баҳа белгилеўдиң бар механизми фермерлер ҳәм дән кәрханаларына қаншелли экономикалық пайда келтирип атырғаны, усы тараўдағы базар экономикасы талапларының сапа дәрежеси, онда өним жетистириўши, ислеп шығарыўшы ҳәм тутыныўшы арасындағы ҳуқықый мүнәсибетлерге айрықша итибар қаратылды.

Соннан келип шығып, Мүрәжатнамада билдирилген машқала ҳәм усынысларды ҳәр тәреплеме үйренип шығыў ҳәм оның мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде Нызамшылық палатасы депутатларынан ибарат жумысшы топарлар дүзилди. Жумысшы топарлар тәрепинен Мүрәжатнамада келтирилген усынысты аймақларға шыққан ҳалда, дән кәрханалары, фермер хожалықлары, дән өнимлерин ислеп шығарыўшылар ҳәм тутыныўшылар менен тиккелей ушырасыўлар өткерип, ҳәр тәреплеме үйрениўге келисип алынды.

Буннан кейин үш күн даўамында депутатлар тәрепинен бийдай жетистиретуғын фермер хожалықларының финанслық турақлылығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы аймақларға шығып үйрениледи.

Үйрениўлер процесинде депутатлар тәрепинен мыңлаған фермер хожалықларының ўәкиллери менен тиккелей ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерилди. Мәжилисте мине усы үйрениўдың жуўмақлары ҳәр тәреплеме додаланды.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда барлық тараўларда болғаны сыяқлы аўыл хожалығында да алып барылып атырған реформалардың нәтийжесинде бир қатар унамлы өзгерислер әмелге асырылмақта. Дән өнимлерин қайта ислеў, сондай-ақ, бийдайды сатып алыў, ун ҳәм нан өнимлерин реализациялаў тараўына базар механизмлерин енгизиў ҳәм онда халықтың социаллық қорғаў мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, 2018-жылдың 15-сентябринен баслап республикада жоқары сортлы ун ҳәм буханка нан базарындағы талап ҳәм усыныс тийкарынла қәлиплескен еркин базар баҳаларында сатылыўы ушын ҳуқықый тийкарлар белгилеп берилгенлиги ун ҳәм буханка нан ислеп шығарыўшы кәрханалар финанслық жағдайының салыстырмалы жақсыланыўына алып келген.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен усы жылы 1 тонна бийдайдиң кепилленген сатып алыў баҳасы 1 миллион 200 мың сум муғдарында белгилениўи ҳәм алынған өнимдарлыққа қарап 25 процентке шекем үстеме белгилениўи нәтийжесинде усы жылы 1 тонна бийдайдиң орташа сатып алыў баҳасы 1 миллион 420 мың сумды қураған.

Усы тәризде фермер хожалықларының материаллық пайдасы ҳәм жумысының нәтийжелилиги артыўына имканият жаратылған.

Усы жылы масақлы дәнниң зүрәәтлилиги орташа 65 центнерди қурап, жалпы зүрәәт 7 миллион тоннаны қураған ҳәм мәмлектке 3 миллион 555 мың тонна ямаса режедегиге салыстырғанда 532 мың тонна артықша дән тапсырылған.

Буннан тысқары, дәнди қайта ислеў кәрханалары ҳәм буханка нан ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў ҳәм баҳаның артып кетиўине жол қоймаў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң усы жылы 30-сентябрьдеги «Дәнди қайта ислеў кәрханалары ҳәм буханка нан ислеп шығарыўшыларын буннан былай да қоллап қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен жергиликли дәннен ислеп шығарылған ун өнимине қосымша қун салығы бойынша  жеңиллик 2020-жылдың 1-июльине шекем узайтылған. Буннан тысқары, жергиликли уннан таярланған буханка нанды ислеп шығарыў ҳәм сатыў 2020-жылдың 1-июльине шекем қосымша қун салығынан азат етилетуғыны белгиленген.

Нызамшылық палатасы депутатлары тәрепинен фермерлердиң Мүрәжатнамасында көтерилген мәселелер ҳәм усыныслар орынларға шыққан ҳалда үйренилгенде бул бағдарда бир қатар өз шешимин күтип атырған машқалалар бар екенлиги мәлим болды. Атап айтқанда, бийдай жетистириў ҳәм оны қайта ислеў тараўының тийкарынан мәмлекет тәрепинен басқарылыўы, сатып алыў баҳаларының белгилениўи дән кәрханалары ҳәм фермер хожалықлары арасында қабыл етилген бийдай ушын есап-санақты жуўмағына жеткериўде мәлим бир қыйыншылықларды жүзеге келтирмекте. Нәтийжеде қаржылардың өз ўақтында төлеп берилмей атырғаны фермер  хожалықларының экономикалық жағдайына унамсыз тәсир етпекте.

Сондай-ақ, дән кәрханаларының да унды ислеп шығарыўда белгили дәрежедеги муғдарда зыян көрип, фермер хожалықларының алдындағы кредиторлық қарыздарлығы артпақта. Дән кәрханаларында ун өнимлерин ислеп шығарыўда базар экономикасы механизми жолға қойылмағаны, өним жетистириўши, ислеп шығарыўшы ҳәм тутыныўшы арасында нәтийжели система жаратылмағанын айқын көрсетип турыпты. Бул болса, ҳәр қыйлы наразылықларды да келтирип шығармақта.

Орынлардағы үйрениўлер және соны көрсетеди, айырым жағдайларда халық тәрепинен нан өнимлери ысырап етилмекте.

Парламентлик еситиўде депутатлар тәрепинен көтерилген сораўларға Аўыл хожалық министрлигиниң жуўапкери ҳәр тәреплеме жуўап қайтарды. Ашықтан-ашық сөйлесиў, пикир-талас руўхында өткен еситиўде бир қатар министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери, атап айтқанда, Қаржы, Экономика министрликлери, республикамыздың бир қатар ўәлаятларынан келген фермер хожалықлары басшыларының бул бағдардағы пикир-усыныслары тыңланды.

Мине усы додалаўлардан келип шығып, мәжилис қатнасыўшылары бундай шараятта бийдай жетистириўши фермерлердиң машақатлы мийнетиниң жемиси болған дәнниң баҳасы ҳәм оны қайта ислеў өнимлерин алыў системасының базар механизмлери тийкарында қәлиплестирилиўи үлкен әҳмийетке ийе, деген бирдей қарарға келди.

Депутатлар ҳүкимет дән сатып алыў, ун ҳәм буханка нан өнимлерин сатыў, сондай-ақ, усы өнимлерге баҳа белгилеўдиң әмелдеги механизмин қайта көрип шыққан ҳалда, фермер хожалықлары, дән кәрханалары ҳәм тутыныўшылар арасындағы экономикалық қатнасықларды базар механизмлерине өткериў бойынша тийисли илажлар көриў керек екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, фермер хожалықларында бийдай жетистириў ушын талап етилетуғын жанылғы-майлаў өнимлери, минераллық төгинлер ҳәм өсимликлерди қорғаў қуралларын ҳәм басқа да ресурсларды жеткерип бериў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетке муўапық екени атап өтилди. Онда раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин терең таллаған ҳалда, республикада бидайды сатып алыў баҳасын белгилеў әмелиятынан басқышпа-басқыш ўаз кешип, базарда қәлиплескен талап ҳәм усыныс тийкарында бийдайды еркин баҳаларда сатыў системасын жаратыў илажларын көриў усыныс етилди.

Өз гезегинде, парламент ағзалары Қаржы министрлиги тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте дән, ун ҳәм нан өнимлериниң баҳалары толық еркинлестирилиўи нәтийжесинде халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларын қорғаўға қаратылған системалы илажларды әмелге асырыў, мәмлекет тәрепинен бийдай жетистириўди қоллап-қуўатлаў мақсетинде аўыл хожалығы кәрханаларына жеңиллетилген кредит ажыратыў системаны буннан былай да жетилистирип барыўы дәркар екенлигин айтып өтти.

Бир сөз бенен айтқанда, бул еситиўдиң жуўмағы бойынша қабыл етилген палата қарарында ҳүкимет, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға аўыл хожалығының кәрханалары тәрепинен жетистирилетуғын дән және оны қайта ислеўден алынатуғын ун, буханка нан өнимлерин сатыў, сатып алыў, сондай-ақ, усы өнимлерге баҳа белгилеўдиң механизмлерин енгизиў, баҳалардың еркилестирилиўи бойынша тийисли әмелий илажларды көриў бойынша бир қатар усыныслар берилди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети

 ӨзА