РОГУН, 9-сентябрь. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Нурилло НАСРИЕВ хабар береди.

Тәжикстан Республикасы Рогун қаласында 9-сентябрь күни Рогун ГЭСиниң екинши агрегатын иске қосыў мәресими болып өтти. Онда Тәжикстан ҳүкиметиниң ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, экспертлер, қәнигелер, сырт ел ҳәм жергиликли журналистлер, кең жәмийетшилик қатнасты.

Илаждың ашылыўында Тәжикстан Республикасының Президенти Эмомали Раҳмон шығып сөйлеп, бул ири гидроқурылма Тәжикстан халқының абаданлығын беккемлеў ҳәм мәмлекетте энергетика тараўын раўажландырыўда әҳмийетли жойбар екенин атап өтти.

Рогун ГЭСи Вахш дәрьясындағы ең ири гидроқурылма болып есапланады. Ол алты агрегаттан ибарат болып, улыўма қуўатлылығы 3 мың 600 мегаватты қурайды. Бул ГЭС толық иске қосылғаннан кейин жылына 17 миллиард киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў имканияты жаратылады.

photo5453972918590614599.jpg

2018-жыл 16-ноябрь күни ГЭСтиң биринши агрегаты иске қосылған еди. Соның нәтийжесинде Тәжикстанның барлық аймағы электр энергиясы менен тәмийинленди. Қәнигелердиң атап өтиўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанның айырым аймақларына да электр энергиясы жеткерип берилмекте.

Рогун ГЭСи плотинасының бийиклиги 335 метр, көлеми 73,6 миллион метр куб болып, «Poyry Switzerland LTD» ҳәм Россияның «Гидропроект» институты тәрепинен жойбарластырылған. Қурылыс жумыслары «Туннел Садди Ориёна» жумысты бөлип алып ислейтуғын шөлкем тәрепинен алып барылмақта. Онда жергиликли жумысшылар менен бирге Италия, Иран ҳәм Өзбекстаннан қәнигелер ислемекте.

Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон агрегаттың жумыс процеси менен танысты, гидроэлектр станциясы плотинасын барып көрди. Плотина теңиз қәддинен 1 мың 190 метр бийикликте жайласқан.

Мәресим шеңберинде сырт ел ҳәм жергиликли ҒХҚ ўәкиллери де имараттың биринши және екинши агрегаты менен танысты.

Рогун ГЭСиниң екинши агрегатын иске қосыў мәресими Тәжикстан көркем өнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

ӨзА