2019-жыл 6-сентябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда мәмлекет турмысының түрли тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды.
Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе – «Билимлендириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жаңа редакциядағы жойбарын биринши оқыўда додалаў қызғын өтти.
Атап өтиў керек, мәмлекетимизде маман кадрларға болған талаптың кескин артыўы, бул тараўға халықаралық шеңберлерде улыўма тән алынған заманагөй стандартларды енгизиў, усы тәризде билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм халықаралық жәмийетшилик пенен үйлескен ҳалда алып барыўды талап етпекте. Әне усы көзқарасларға сүйенген ҳалда жойбар интакерлери нызам жойбарына бир қатар жаңа нормалар, түсиниклер ҳәм статьяларды киргизген. Атап айтқанда, үлкен жастағыларды билимлендириў, арнаўлы билимлендириў, инклюзивлик биилмлендириў, жеке тәртиптеги педагогикалық жумыс пенен шуғылланыў, мәмлекетлик – жеке меншик шериклик, билимлендириў тараўына инвестицияларды киргизиў, тараўда мәмлекетлик қадағалаў, билимлендириў мәкемелериниң өзин-өзи баҳалаўы, билимлендириў қатнасыўшыларының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм жуўапкершиликлери, билимлендириўде экспериментал, инновациялық жумыс пенен байланыслы бағдарлар деген улыўма жаңа норма ҳәм түсиниклер усылар қатарына киреди. Итибарлы тәрепи сонда, жаңа редакциядағы нызам жойбарында бурынғы, заман сынағынан өткен ҳәр тәреплеме жетик нормалар сақлап қалынған ҳалда билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик басқарыў уйымларының ўәкилликлерин ҳәм билимлендириў мәкемелериниң жумыс еркинлигин кеңейтиўди нәзерде тутатуғын жаңа нормалар ҳәм басқа да түсиниклер өз сәўлелениўин таппақта.
Депутатлардың атап өтиўинше, нызам жойбарының қабыл етилиўи билимлендириў системасындағы бар машқалаларды сапластырыўға, тараўды түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм билимлендириўди халықаралық жәмийетшилик пенен үйлескен ҳалда алып барыў ушын кең имканиятлар жаратады. Әсиресе, пуқаралардың сырт елде билим алыўы, сырт елде билим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлердиң тән алыныўы, сондай-ақ, биринши мәрте мәмлекетимизде бир өмирлик билимлендириў концепциясының киргизилиўи сыяқлы мәселелердиң нызам жойбары нормаларында сәўлелениўи билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды жаңа басқышқа көтереди.
Бунна соң парламент ағзалары китап ҳәм басқа да баспа өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм саўатлылық мәдениятын раўажландырыўға жәрдемлесиўши тараўдың жумысын ҳуқықый жақтан тәртипке салыўға қаратылған «Баспа жумысы ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда додалады.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен мәмлекетимизде жаслардың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, ой-өрисин ҳәм дүньятанымын раўажландырыў, ана Ўатанамыз ҳәм халқымызға муҳаббат, садықлық сезими менен жасайтуғын кәмил әўладты тәрбиялаўда китапқумарлық ҳәм китапты үгит-нәсиятлаўды күшейтиў, мәлимлеме-китапхананың жумысын жетилистириўге үлкен итибар қаратылмақта.
Бул нызам жойбары да, әне, сондай ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыўды нәзерде тутқаны менен әҳмийетли. Бул жойбардың қабыл етилиўи жаслардың руўхый-ағартыўшылық ҳәм эстетикалық талапларына сай сапалы китапларды баспадан шығарыў, китапларды арзан баҳаларда орынларға, соның ишинде, билимлендириў мәкмелерине жеткерип бериў, миллий ҳәм жәҳән әдебиятының ең сайланды үлгилерин аўдарыў, өсип киятырған жас әўладта балалықтан китапқа меҳир оятыў, оларда электрон китапларды оқыў қәбилетин қәлиплестириў – китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын раўажландырыўға хызмет етеди.
Мәжилисте депутатлар «Бала ҳуқықлары кепилликлериниң буннан былай да күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын да биринши оқыўда ҳәр тәреплеме додалады.
Атап өтилгениндей, нызам жойбарын ислеп шығыў процесинде сырт ел мәмлекетлериниң нызамларында балаларға қолланылатуғын күш көрсетиўлер ҳәм зорлықлардың түрлери, олардың алдын алыў илажлары, жынаят процеси қатнасыўшылары есапланған балаларды қорғаў бойынша қосымша кепилликлерге байланыслы нормалар ҳәр тәреплеме үйренилип, талланды.
Атап өтилгениндей, «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы нызамның 10-статьясы балаларға қолланылатуғын күш көрсетиўлер ҳәм зорлықлардың түрлерин қамтып алмағанлығы себепли усы статьяға мәмлекет тәрепинен ҳуқық бузарлықлар ҳәм жәмийетке жат ҳәрекетлерди ислеўге тартыўдан қорғаў бойынша илажлардың көрилиўин нәзерде тутатуғын нормалар киргизилмекте.
Сондай-ақ, нызам жойбарында мәмлекет балаларға қолланылатуғын эксплуатация ҳәм зорлықлардың барлық түрлериниң алдын алыў, олардың жүз бериўине себеп болатуғын факторлар ҳәм шараятларды анықлаў және сапластырыў бойынша илажларды көриўди белгилейтуғын қағыйда киргизилмекте.
Қызғын түрде өткен пикир-таласлар ўақтында усы нызамның қабыл етилиўи жынаят процеси қатнасыўышысы есапланған бала ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиўге жынаят процесиниң барлық басқышларында жас өспиримлер ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар жарататуғыны атап өтилди.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети
ӨзА