Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 20-ноябрь күни жынаятшылыққа қарсы гүресиўде ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўине бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилисте Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйлери, ишки ислер министри, Өзбекистан жаслар аўқамы ҳәм Ҳаял-қызлар комитетиниң басшылары қатнасты.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, мәмлекетлик структуралардың пуқаралық жәмийетиниң институтлары, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўин беккемлеў бағдарында анық ўазыйпалар белгиленген.

Өзбекистан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы, «Балаларды олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаў ҳаққында»ғы нызамлары, Президентимиздиң «Ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди, мәмлекетлик шөлкемлер менен кең жәмийетшиликтиң алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар анық белгилеп алынды.

Атап өтилгениндей, өткен қысқа ўақыт даўамында елимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы саласында салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Ишки ислер уйымларының системасы түп-тийкарынан жетилистирилди, профилактика инспекторларының билимин ҳәм кәсипке таярлығын арттырыў, олар ушын мүнәсип жумыс шараятын жаратыў, өз ўазыйпаларын орынлаў нәтийжелилиги ушын материаллық жақтан хошаметлеўдиң тәсиршең механизмлерин енгизиў ҳәм тиккелей өзлерине бириктирилген аймақта хызмет турақ жайы менен тәмийинлеў илажлары көрилди.

Нәтийжеде усы жылдың он айында өткен жылдың усы дәўирине қарағанда салыстырмалы түрде жынаят ислеў жағдайлары 9 мың 698 ге яки 14 процентке, жынаят-излеў бағдарында болса, 4 мың 562 ге ямаса 11 процентке азайыўына ерисилди.

Сондай-ақ, мәҳәллелерде жынаятшылықлар менен ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша жәмийетлик институтлар менен биргеликте алып барылып атырған кең көлемли профилактикалық илажлар себепли 1 мың 243 мәҳәлледе бирде-бир жынаят иси бақланбады.

Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд, Хорезм, Наманган ўәлаятларында, күни кеше пайтахтымыздың Сергели районына сапар еткенинде де «Қәўипсиз аймақ», «Қәўипсиз қала» концепцияларына айрықша итибар берди. «Мениң мәҳәллемде жынаят исленбеўи керек», деген сезимди ҳәр бир пуқараның, әсиресе, жаслардың сана-сезиминде қәлиплестириў, бийпәрўалыққа, итибарсызлыққа шек қойыў, соның менен бирге, ҳәр бир шаңарақты, билимлендириў мәкемесин, ҳәр бир мәҳәллени жынаятшылықтан жырақ аймаққа айландырыў, жәмийетте тыныш ҳәм татыў турмысты тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти екенин атап келмекте. Бул бағдарда Наманган қаласындағы Арзыў мәҳәллеси, Хорезм ўәлаятындағы «жәмийетшилик қадағалаў орайлары» жумысындағы унамлы тәжирийбелерди үйрениў, оларды барлық аймақларға енгизиў үлкен әҳмийетке ийе.

Президентимиздиң басшылығында усы жылдың 15-ноябрь күни өткерилген мәжилисте ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўда ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўде жол қойылған қәте-кемшиликлер ҳәр тәреплеме талқылап берилди. Бул бағдарда мәмлекетлик мәкемелелер менен жәмийетлик структуралар арасындағы бирге ислесиў байланыслары бүгинги күнниң талапларына жуўап бермейтуғыны атап өтилди.

Мәжилисте ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күнинде өткерилип атырған илажларда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўиниң сезилмей атырғаны, айырым аймақларда халық пенен мәнзилли профилактикалық илажлар жеткиликли дәрежеде алып барылмағанының ақыбетинде алдын алыў мүмкин болған жынаятлардың исленип атырғаны атап өтилди.

Өткен дәўирде 7730 мәҳәлледе жынаят исленген. Ең аянышлысы, академиялық лицейлер менен кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары тәрепинен 875, мектеп оқыўшылары тәрепинен 310 аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлар исленген.

Мәжилисте бундай унамсыз жағдайлар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер арасында бирге ислесиўдиң дурыс  жолға қойылмағаны ақыбетинде жүзеге келип атырғаны атап өтилди.

Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўи бағдарында жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында айрықша тоқталып, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда ҳәр бир мәкеме өз билгенинше ис көрип киятырғанын, көпшилик илажларда машқалаланың шешимине улыўма қатнас жасалып атырғанын атап өтти. Усы мүнәсибет пенен ҳуқықбузарлықлар профилактикасы менен жынаятшылыққа қарсы гүресиўде ведомстволараралық бирге ислесиўди беккемлеў илажларының көрилиўи бойынша зәрүр тапсырмалар берди.

15-ноябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде атап өтилген Аймақларда жынаятшылықтың ерте алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў Республикалық комиссияның  шөлкемлестирилиўи ҳәм оның жумыс бағдарларына байланыслы мәселелерге тоқталды.

Енди ишки ислер, прокуратура, Жаслар аўқамы, Ҳаял-қызлар комитети, мәҳәлле ҳәм басқа да мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық ушын фактор болып атырған жумыссызлық, нәшебентлик, қараўсызлық, шаңарақлық келиспеўшилик ҳәм сол сыяқлы басқа да иллетлердиң ўақтында алдын алыў илажларын көриў зәрүр. Сондай-ақ, улыўмалықтан қашыўы, бул ушын бирден-бир мақсетке қарай умтылып, биргеликте жумыс алып барыўы, ҳәр бир машқалаға анық реже тийкарында қатнас жасаўы зәрүр.

Буннан былай ўәлаят дәрежесиндеги сектор басшылары ҳәр 15 күнде орайлық телевидение арқалы ҳәм барлық район-қала сектор басшылары жергиликли телевидение арқалы арнаўлы көрсетиўлерде аймақлардағы жынаятлардың себеплери, оларды анықлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында халыққа түсиник ҳәм есап берип барыўы жолға қойылады.

Мәмлекетимиз басшысы суд, прокуратура ҳәм ишки ислер уйымларының жумысы ҳаққында айрықша тоқтап, жынаятлардың жасырылыўына айрықша жағдай сыпатында қаралыўы зәрүрлигине, қамақ айыпкерлерди тәрбиялаўдың тийкарғы қуралы болмайтуғынына, оларға жаза тайынлаўда айыпкердиң шахсы ҳәм басқа да жағдайларын ҳәр тәреплеме үйрениў лазым екенине айрықша итибар қаратты.

Әсиресе, жас өспиримлер менен ҳаял-қызларға жаза тайынлаўда судлардың терең пикир жүргизиўи зәрүр екени атап өтилди.

Президентимиз жынаятшылық пенен ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў мәселесине де айрықша итибар қаратты. Ҳәр бир мәҳәллени жынаятшылықтан жырақ аймаққа айландырыў зәрүр екенин атап өтип, бул бағдардағы ис-ҳәрекетлерди буннан былай да күшейтиў керек екенин атап өтти.

ӨзА