Кегейли районы ҳәкиминиң усы жыл 3-июльдеги қарары менен «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жергиликли шийки зат есапланған қамыс, бийдай, салы сабаны, пахта пақалынан целлюлоза ҳәм қағаз өнимлери ислеп шығарыўға қәнигелестирилген шет ел инвестициясы қатнасындағы «KEGEYLI QOGOZ»  жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилди.

Кәрхананың улыўма баҳасы 5 миллион 150 мың АҚШ доллары болып, Нөкис қаласындағы «Давр қурилиш» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жәмәәти тәрепинен бүгинги күнге 1 миллиард 200 миллион сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Бул ушын зәрүр болған әсбап-үскенелер алып келиўге Өзбекистан Сыртқы экономикалық ислери «Миллий банки»ниң Нөкис филиалынан 1 миллион АҚШ доллары кредит есабында ажыратылды.

-Жылына 18250 тонна целлюлоза ислеп шығарыў қуўатына ийе болған кәрхананы келеси жылдың екинши шерегинде иске түсириў режелестирилген,-дейди жәмийет баслығының орынбасары Шуҳратилла Хикматов.- Биринши басқышта 100 жаңа жумыс орны жаратылады. Кәрхана иске түскеннен кейин фермер хожалықларынан, шаңарақлық бөлип алып ислеўшилерден, соның менен халықтан жылына 40 мың тонна шийки зат сатып алынады. Екинши басқышта қосымша 50 жаңа жумыс орны жаратылып, қағаз ислеп шығарыў жолға қойылады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Телеграмдағы каналымызға ағза болыӊ